Facebook видеоларды reels форматына өткермекте (+видео)

Facebook өзиниң платформасында видеоларды орналастырыў системасы түп-тийкарынан өзгертилетуғынын жәриялады. Енди пайдаланыўшылар видео жүклеп алыўда өз алдына reels ямаса әпиўайы видео сыпатында таңламайды. Ҳәр қандай видео – узынлығына ямаса форматына қарамастан – автомат тәризде «reels» (яғный қысқаша видео ролик) сыпатында жәрияланады.
Бул қарар социаллық тармақ пайдаланыўшылары арасында видео контентти алмасыў усылын әпиўайыластырыў ҳәм көбирек дөретиўшилик имканиятлар жаратыў мақсетинде қабыл етилген.
Алдын Facebookте пайдаланыўшылар еки айрықша варианттан бирин таңлаўы керек еди:
әпиўайы видео (Видео жайластырыў)
яки reels (Қысқа ролик)
Бирақ енди бул екеўиниң орнына бир улыўма формат – reels сақланып қалады. Барлық видеолар усы форматта көрсетиледи. Соның менен бирге, платформадағы “Видео” бөлиминиң аты да рәсмий түрде “Reelsлер” деп өзгертилмекте.
Facebook ўәкиллериниң мағлыўматына бола, бул өзгерислер:
усыныс системасына тәсир етпейди, яғный пайдаланыўшылар еле де өзлери ушын сәйкес видеоларды көриўди даўам етеди;
видео узынлығы ямаса форматына шеклеў қоймайды – яғный Reels енди тек 90 секундлы емес, ал қәлеген узынлықтағы видео болыўы мүмкин;
барлық түрдеги видеолар – қысқа роликлер, узақ видеолар ҳәм жанлы эфирлер платформада сақланып қалады.
Жаңа система арқалы пайдаланыўшылар:
видео жайластырыўда бир қыйлы, әпиўайыластырылган процесстен пайдаланады;
видео аудиториясын белгилеў имканиятына ийе болады – мысалы, ким көретуғынын анықлаў: ҳәммеге, тек досларга яки анық адамлар топарына;
дөретиўшилик қуралларға кеңирек кириў ҳуқықына ийе болады – монтаж, эффектлер, музыка, текст ҳәм басқа да функциялар.
Facebook бул өзгерислерди пайдаланыўшыларға бирдей тәжирийбе жаратыў ҳәм дөретиўшилер ушын имканиятларды кеңейтиў ушын әмелге асырмақта.
Meta кең стратегияның бир бөлеги.
Meta компаниясы бул қәдемди биринши мәрте қолланып атырған жоқ. 2022-жылы Instagram да барлық 15 минутқа шекем болған видеоларды reels форматында автомат тәризде жайластырыўға өткен еди. Енди Facebook та усыған уқсас системаны енгизбекте, бул болса Meta компаниясының барлық социаллық тармақларда бирдей видео алмасыў механизмин жаратыўға умтылып атырғанын көрсетеди.
Мадинабону Насриева, Улуғбек Тўхтаев (видео), ӨзА