Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Мәмлекетлик пуқаралық хызметин заманагөй стандартлар тийкарында шөлкемлестириў, мәмлекетлик хызметкерлердиң жумысын нәтийжелиликке бағдарлаў, халықтың мәмлекетлик хызметке болған исенимин және де арттырыў, тараўға перспективалы кадрларды тартыў ҳәм оларды профессионал қәниге етип таярлаўдың нәтийжели системасын енгизиў, сондай-ақ, «Мәмлекетлик пуқаралық хызмет ҳаққында»ғы нызам ҳәм «Өзбекстан – 2030» стратегиясында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде қарар етемен:
- Мәмлекетлик пуқаралық хызметин шөлкемлестириўдиң тийкарғы бағдарлары
- Төмендегилер 2025-2026-жылларда мәмлекетлик пуқаралық хызметин жаңа көзқараслар тийкарында шөлкемлестириўдиң тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:
а) мәмлекетлик уйымларда кадрлар менен ислесиўдиң заманагөй усыл ҳәм механизмлерин ҳәм бир пүтин системасын енгизиў;
б) мәмлекетлик уйымларда потенциаллы ҳәм перспективалы басшы кадрлар резервин қәлиплестириў ҳәм жаңа әўлад басшы кадрларын таярлаў системасын буннан былай да жетилистириў;
в) хызметкерлердиң мәмлекетлик пуқаралық хызметине (кейинги орынларда – мәмлекетлик хызмет) қабыл етилгенинен баслап пүткил мийнет жолы даўамында зәрүр билим ҳәм кәсиплик компетенцияларын үзликсиз раўажландырыўын шөлкемлестириў ҳәм мониторинг етиў;
г) мәмлекетлик хызметке ҳаял-қызларды кеңнен тартыў ушын олардың тараўға болған қызығыўшылығын, мәпдарлығын ҳәм исенимин арттырыў;
д) Мәмлекетлик пуқаралық хызметин 2030-жылға шекем раўажландырыў стратегиясын әмелге асырыў;
е) мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлери (кейинги орынларда – мәмлекетлик хызметкерлер) хызмет ўазыйпаларын орынлаўда әдеп-икрамлылық қағыйдаларына қатаң әмел етилиўин тәмийинлеў ҳәм кәсиплик мәдениятын раўажландырыў арқалы мәмлекетлик уйымларға жәмийетшиликтиң исенимин беккемлеў;
ж) мәмлекетлик хызметкерлердиң нәтийжели мийнетке умтылыўын күшейтиў, өзиниң кәсиплик көнликпелерин раўажландырыў ҳәм жоқары нәтийжелерге мәпдарлығын арттырыўға қаратылған мийнетке ҳақы төлеўдиң тартымлы механизмлерин енгизиў.
- Мәмлекетлик хызметте кадрлар таярлаўдың бир пүтин системасын енгизиў
- Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги, Мәмлекетлик сиясат ҳәм басқарыў академиясы және «Эл-юрт умиди» қорының турақлы бирге ислесиўи тийкарында мәмлекетлик хызметте кадрлар таярлаўдың бир пүтин системасы енгизилсин. Онда:
а) Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги:
(I) ашық ҳәм әдил таңлаўлар тийкарында мәмлекетлик хызметке ең мүнәсип кадрларды тартады, сондай-ақ, олардың горизонталь ҳәм вертикал карьералық өсиўине жәрдемлеседи;
(II) мәмлекетлик хызметкерлердиң потенциалы ҳәм кәсиплик компетенцияларын диагностикадан өткереди ҳәм нәтийжелерине қарай хызметкердиң портфолиосын қәлиплестиреди ҳәм раўажландырыў талап етилетуғын билим ҳәм көнликпелерин арттырыў илажларын көреди;
(III) Миллий кадрлар резервин қәлиплестиреди ҳәм резервтеги талабанлардың мақсетли таярланыўын шөлкемлестиреди, Мәмлекетлик сиясат ҳәм басқарыў академиясының қәнигелигин арттырыў ҳәм қайта таярлаў курсларына мәмлекетлик буйыртпаны әмелге асырады;
(IV) талап жоқары болған қәнигеликлер ҳәм бағдарлар бойынша талапларды үйренеди ҳәм усы бағдарда мәмлекетлик хызметкерлердиң сырт елде мақсетли стажировка өтеўи бойынша буйыртпаларды қәлиплестиреди;
(V) «Эл-юрт умиди» қоры стипендиантларының горизонталь ҳәм вертикал карьералық өсиўи бойынша зәрүр илажларды көреди;
б) Мәмлекетлик сиясат ҳәм басқарыў академиясы:
(I) Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлигиниң буйыртпасына тийкарланып мәмлекетлик хызметкерлердиң қәнигелигин арттырады ҳәм оларды қайта таярлайды, сондай-ақ магистратурада оқытады;
(II) мәмлекетлик уйымлар системасындағы кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў орайларының (институтларының) басшы ҳәм басқарыў кадрларын таярлаў бағдарындағы жумысын оқыў-методикалық жақтан муўапықластырып барады, соның ишинде, олардың тийисли оқыў бағдарламаларын экспертизадан өткереди ҳәм тастыйықлайды, оқыў процесинде пайдаланылатуғын билимлендириў технологияларының үлги түрлерин ислеп шығады;
в) «Эл-юрт умиди» қоры:
(I) Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлигиниң буйыртпасына тийкарланып мәмлекетлик хызметкерлердиң сырт елдеги мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер және илимий-изертлеў ҳәм билимлендириў мәкемелеринде әмелий көнликпелерин раўажландырыўға қаратылған мақсетли стажировкасын шөлкемлестиреди;
(II) перспективалы кадрлардың сырт елде әмелий көнликпелерин раўажландырыў ҳәм билим алыўын муўапықластырыў тийкарында талабанларды кәсипке бағдарлаў илажларын әмелге асырады.
III. Тараўды түпкиликли реформалаў
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2026-жыл 1-январьдан баслап:
а) мәмлекетлик хызметке биринши мәрте қабыл етилген мәмлекетлик хызметкерлер менен мийнет шәртнамасы дәслеп бир жыл мүддетке дүзиледи ҳәм кейин ала жумысының унамлы нәтийжелерине бола мийнет шәртнамасы белгисиз мүддетке создырылады;
б) мәмлекетлик хызметке биринши мәрте қабыл етилген мәмлекетлик хызметкерлер мәжбүрий «Мәмлекетлик хызметке кириў» арнаўлы курсларынан ҳәм кейин ала ҳәр үш жылда кеминде бир мәрте маманлығын арттырыў курсларынан өтеди ҳәм усы курслардың жуўмақлары бойынша олардың теориялық билим ҳәм көнликпелери диагностикадан өткериледи;
в) диагностикада мәмлекетлик хызметкерлердиң тийисли тараў ҳәм тармақ бойынша билим дәрежеси, ҳүжжетлерди дүзиў ҳәм мәмлекетлик тилде жумыс жүргизиў көнликпелери, аналитикалық, басшылық ҳәм коммуникативлик көнликпелери, компьютер саўатлылығы, нызамшылықтағы жаңалықларды, Өзбекстан тарийхы ҳәм шет тиллерин өзлестиргенлиги, улыўма эрудициясы, психологиялық диагнозы ҳәм интеллектуаллық коеффициенти (IQ) сыяқлы көрсеткишлери баҳаланады;
г) диагностика ҳәм жумыс нәтийжелилиги (KPI) нәтийжелери Хызметкерлердиң кәсиплик компетенциялары раўажланыўын үзликсиз онлайн мониторинг етиў системасында (кейинги орынларда – Мониторинг системасы) жыйналады ҳәм талланады;
д) Мониторинг системасын таллаў нәтийжелерине бола, хызметкердиң бар билим ҳәм көнликпелерин кәсиплик раўажландырыў картасы – портфолиосы жаратылады;
е) кәсиплик раўажланыў картасы тийкарында мәмлекетлик хызметкер раўажландырыўы керек болған «жумсақ» ҳәм «қатты» көнликпелер бойынша мәжбүрий тәжирийбе арттырыў, соның ишинде, өз бетинше билим алыў бағдарламасын өтейди;
ж) министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен хызметкерлерди сырт елде оқытыў, таярлаў, маманлығын арттырыў және стажировкасын шөлкемлестириў, соның ишинде, грантлар ямаса донорлардың қаржылары есабынан әмелге асырылып атырған жойбарлар шеңберинде мәмлекетлик хызметкерлерди оқытыў, таярлаў, маманлығын арттырыў ҳәм стажировкасы менен байланыслы илажлар мәжбүрий тәртипте Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги менен келисилгеннен соң әмелге асырылады.
Мәмлекетлик хызмет лаўазымларын ийелеў бойынша таңлаў өткериўде 2025-жыл 1-августтан баслап төмендегилер белгиленсин:
а) республика, аймақлық ҳәм район (қала) дәрежесиндеги шөлкемлердеги лаўазымлардың басқарыў ҳәм жәрдемши топарлары ушын таңлаўлар тек ғана Мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлери вакант лаўазымларының бирден-бир порталы арқалы өткериледи;
б) нызамшылықта лаўазымға тайынлаўда тийисли уйымлар менен келисилиўи керек болған лаўазымлар бойынша келисиў усы уйымлардың ўәкиллерин таңлаў комиссиясы қурамына киргизиў жолы менен әмелге асырылады;
в) тест сынақлары Мәмлекетлик хызметкерлерди сынақтан өткериў модули арқалы арнаўлы үскенеленген ханаларда ямаса аралықтан онлайн прокторинг системасы арқалы өткериледи. Онда тийисли мәмлекетлик уйымда тест сынақларын арнаўлы үскенеленген ханаларда ямаса аралықтан өткериў мәселеси Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги тәрепинен мүрәжатларды таллаў, үйрениўлер ҳәм сораўнамалар нәтийжелерине бола шешиледи;
г) Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлигине төмендеги ҳуқықлар берилсин:
(I) таңлаўдың сәўбет басқышына мәмлекетлик уйымлар, пуқаралық жәмийети институтлары, жоқары билимлендириў мәкемелери, илимий шөлкемлер ямаса мәмлекетлик уйым жанындағы жәмийетлик кеңеслердиң ўәкиллеринен экспертлерди тартыў;
(II) таңлаў жуўмақларына тәсир көрсеткен ҳәм сапластырып болмайтуғын кемшиликлер анықланған жағдайда, тийисли мәмлекетлик уйымға таңлаў комиссиясының қарарын бийкарлаў бойынша көрип шығылыўы мәжбүрий болған усыныс киргизиў.
- 2026-жылдан баслап қәбилетли басқарыўшылар ҳәм лидерлерди, жаңа әўлад басшыларын анықлаў ҳәм таңлаў бойынша «ТОП-100» бағдарламасы енгизилсин.
а) «ТОП-100» бағдарламасы тийкарында ҳәр еки жылда бир мәрте 100 потенциаллы басқарыў кадрларын таңлап алыў бойынша республикалық таңлаў өткерилетуғыны;
б) «ТОП-100» бағдарламасында белгиленген нормаларға тийкарланып мәмлекетлик хызметкерлер, жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, исбилерменлер, сырт елдеги ўатанласлар ҳәм басқа да шахслар ықтыярый тийкарда қатнасатуғыны;
в) «ТОП-100» бағдарламасы қатнасыўшыларының таңлаў тапсырмаларын орынлаў процесинде көрсеткен билими ҳәм интеллектуаллық потенциалы, ўатансүйиўшилиги, шөлкемлестириўшилиги, басқарыўшылық ҳәм лидерлик сапасы оларды баҳалаўдың тийкарғы өлшемлери болып есапланатуғыны;
г) «ТОП-100» бағдарламасының жеңимпазлары базалық есаплаў муғдарының 100 есеси муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлық пенен хошаметленетуғыны, арнаўлы оқыў бағдарламасы тийкарында оқытылатуғыны, «устаз-шәкирт» дәстүри тийкарында тәжирийбели басшыларға шәкирт сыпатында бириктирилетуғыны, басқа мәмлекетлик уйымларға тәжирийбе арттырыў ушын тийисли лаўазымды ийелеген ҳалда бир жылға шекемги мүддетке ўақытша хызмет сапарына ҳәм сырт ел стажировкасына жиберилетуғыны;
д) «ТОП-100» бағдарламасы жеңимпазлары Миллий кадрлар резервине киргизилетуғыны ҳәм республикалық ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларында және басқа да мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларында басшылық лаўазымларын ийелеў ушын тийкарғы талабанлар есапланатуғыны белгилеп қойылсын.
- Потенциаллы ҳәм перспективалы басшылардың турақлы резервин тәмийинлеў мақсетинде:
а) республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымлары басшылық лаўазымларына кеминде 500 ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары басшылық лаўазымларына кеминде 1 000 талабаннан ибарат Миллий кадрлар резерви қәлиплестирилетуғыны;
б) мәҳәлледе жумыс ислеп, соңғы еки жыллық жумысы даўамында унамлы нәтийжелерге ерискен мәҳәлле баслығы, ҳәким жәрдемшиси, ҳаял-қызлар белсендиси, жаслар жетекшиси, социаллық хызметкер ҳәм салық инспекторларынан ибарат 1000 адамнан ибарат Потенциаллы кадрлар резерви қәлиплестирилетуғыны ҳәм Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлигиниң усынысына тийкарланып лаўазымларға таңлаўсыз тайынланатуғыны;
в) мәмлекетлик хызметте талантларды раўажландырыў ҳәм ҳәр тәреплеме стажировкаға жиберилетуғыны белгиленсин. Онда, биринши гезекте, экономиканың жетик басшы кадрларды таярлаў шеңберинде Миллий кадрлар резерви қурамына киргизилген талабанлар ислеп атырған лаўазымынан басқа мәмлекетлик уйымларға бир жылға шекемги мүддетке ўақытша хызмет сапарына, сондай-ақ, сырт мәмлекетлерге мақсетли драйвер тараўларына үстинлик бериледи.
- Мәмлекетлик хызметте коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм санластырыў
Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлигиниң Басшы кадрларды баҳалаў орайы Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги менен биргеликте мәмлекетлик хызметкерлерде коррупцияға маўасасыз мүнәсибетти қәлиплестириў, оларға «ҳадаллық вакцинасы»н сиңдириў ҳәм бул бағдарда превентивлик механизмлерди енгизиў мақсетинде Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлигиниң Басшы кадрларды баҳалаў орайы Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги менен биргеликте:
а) Коррупцияға қарсы гүресиў агентлигиниң буйыртпасы тийкарында басшылық лаўазымларында ислеп атырғанлар ҳәм усы лаўазымлар ушын резервте турғанлардың коррупцияға қарсы турақлылық дәрежесин баҳалаў механизмин енгизсин;
б) мәмлекетлик хызметкерлерде коррупцияға маўасасыз қатнасты сиңдириў бойынша қәдириятлар системасын қәлиплестириў бойынша изертлеўлер алып барыў тийкарында тәсиршең илажларды енгизиўге байланыслы усынысларды ислеп шықсын;
в) мәмлекетлик хызметкерлер ҳәр бир сырт елге хызмет сапарларының жуўмақлары бойынша есабат тапсырады ҳәм есабат тийкарында хызмет сапарының нәтийжелилиги баҳаланып барылады.
- 2026-жыл 1-январьдан баслап:
а) төмендеги тийкарғы бағдарларда ерисилген нәтийжелер бойынша Мәмлекетлик уйымлардың белсендилигиниң миллий рейтинги енгизиледи:
(I) мәмлекетлик уйымлардың инсан ресурсларын басқарыў ҳәм раўажландырыў нәтийжелилиги;
(II) мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдиң оперативлилиги ҳәм сапасы;
(III) мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер жумысының ашық-айдынлығы;
(IV) мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде коррупцияға қарсы гүресиў жумысларының нәтийжелилиги;
(V) мәмлекетлик уйымлардың ҳәм шөлкемлер жумысының санластырылғанлық дәрежеси;
(VI) республикалық ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары басшылары ҳәм олардың орынбасарларының жумыс нәтийжелилиги;
(VII) нормативлик ҳуқықый ҳүжжетлер менен енгизилген ҳәм мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысына байланыслы болған басқа да рейтинглер;
б) рейтинг нәтийжелери бойынша төменги буўындағы мәмлекетлик уйымлардың жумыс усылларын өзгертиў, басқарыў процесслерин оптималластырыў (BPR-реинжиниринг) илажлары әмелге асырылады ҳәм Ҳүкимет мәжилислеринде басшылардың жумысына баҳа бериледи.
- Төмендегилер:
а) Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги республикалық ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары және хожалық бирлеспелери басшылары ҳәм олардың орынбасарлары, сондай-ақ, хызметкерлериниң жумыс нәтийжелилигин баҳалаў тараўында муўапықластырыўшы мәмлекетлик уйым есапланатуғыны;
б) республикалық ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары және хожалық бирлеспелери басшылары ҳәм олардың орынбасарлары, сондай-ақ, жумысының нәтийжелилигин баҳалаў, соның ишинде, ең әҳмийетли нәтийжелилик көрсеткишлерин белгилеў мәселелерине байланыслы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарлары Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги менен мәжбүрий тәртипте келисилетуғыны белгиленсин.
- 2025-жыл 1-сентябрьден баслап мәмлекетлик хызметкерлердиң өз көнликпелерин турақлы раўажландырып барыўы ҳәм олар арасында өз-ара сөйлесиўди күшейтиў бойынша төмендеги имканиятларды нәзерде тутатуғын «Мәмлекетлик хызметкер» мобиль қосымшасы иске қосылсын:
а) аралықтан турып мәмлекетлик хызметкерлердиң компетенцияларын раўажландырыў ҳәм маманлығын арттырыў ҳәм бул бойынша статистикалық мағлыўматларды қәлиплестириў;
б) мәмлекетлик хызметкерлер тәрепинен мәмлекетлик уйымның жумысын жетилистириў бойынша басламалар бериў ҳәм басшы тәрепинен оларға мүнәсибет билдириў;
в) мәмлекетлик хызметкердиң жеке раўажланыў режесин дүзиў, оның орынланыўын мониторинг етиў;
г) хызметкер ҳаққындағы мағлыўматлар, басшы хызметкерлер ушын олар тәрепинен муўапықластырылатуғын тараў ҳәм бөлимлер, байланысыў ушын телефон номери, почтасы ҳәм социаллық тармақлардағы бетлери ҳаққындағы мағлыўматларды нәзерде тутатуғын мағлыўматлар базасын жаратыў.
- V. Мәмлекетлик хызметтиң имиджин жақсылаў ҳәм мәмлекетлик хызметкерлер ушын мүнәсип шараятлар жаратыў.
- Бирлескен Миллетлер Шөлкеми тәрепинен 23-июнь күни – БМШтың Мәмлекетлик хызмет күни деп жәрияланғанлығы ҳәм усы күнде мәмлекетлик хызметтиң әҳмийетин сәўлелендириўге байланыслы арнаўлы илажлар шөлкемлестириўге шақырылғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
а) арнаўлы илажлар шеңберинде ҳәр жылы:
(I) ҳәрбир министрлик ҳәм уйымлар (тармақ ҳәм бағдарлар) тәрепинен жыл даўамында ерисилген нәтийжелер, тараўда пуқараларға жаратылып атырған қолайлықлар ҳәм келешектеги ўазыйпалар интерактив түрде кең жәмийетшиликке жеткерилетуғыны;
(II) ең үлгили мәмлекетлик хызметкерлердиң жумысы, мәмлекетлик хызметкерлердиң бир күни ҳаққында видеоролик ҳәм фильмлер көрсетиў өткерилетуғыны;
(III) ҳәр бир министрлик ҳәм уйымларда мәмлекетлик хызметкерлеридиң шаңарақ ағзалары ушын “шаңарақ күни” илажлары(family day) шөлкемлестирлетуғыны.
б) Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги ҳәр жылы шөлкемлестириў усыныс етилетуғын арнаўлы илажлар дизимин тастыйықлап баратуғыны белгилеп қойылсын.
- Мәмлекетлик уйымлардың инсан ресурсларын раўажландырыў ҳәм басқарыў бөлимлериниң жумысын нәтийжели жолға қойыўдың төмендеги механизмлери енгизилсин:
а) бул бөлимлер мәмлекетлик уйымлардың ўазыйпаларының нәтийжели орынланыўын тәмийинлей алатуғын инсан ресурсларының сан ҳәм сапа қурамын қәлиплестириў және турақлы раўажландырып барыўға қаратылған инсан ресурсларын стратегиялық режелестириў жумысына жуўапкер етип белгиленеди;
б) инсан ресурсларын басқарыўға байланыслы мағлыўматлар ҳәм ҳүжжетлер тек ғана «hrm.argos.uz» платформасында қәлиплестириледи ҳәм жүргизиледи;
в) инсан ресурсларын раўажландырыў ҳәм басқарыў бөлимлериниң басшылары:
(I) кадрлар сиясаты бойынша баслықтың мәсләҳәтшиси статусына ийе болады;
(II) Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги яки оның филиаллары менен келисилген ҳалда лаўазымға тайынланады ҳәм лаўазымынан босатылады;
(III) ҳәр үш жылда Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги тәрепинен аттестациядан өткериледи;
г) мәмлекетлик уйымлар тәрепинен инсан ресурсларын раўажландырыў ҳәм басқарыў бөлимлери хызметкерлерине нызамшылық ҳүжжетлеринде нәзерде тутылмаған функция ҳәм ўазыйпалар жүклеўге жол қойылмайды.
- Мәмлекетлик хызметкерлер арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў мақсетинде:
а) 2025-жыл 1-августтан баслап мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде ҳәр жумыс күниниң белгили бир ўақытларында денетәрбия ҳәм ҳәрекет активлиги бойынша илажлар өткерип барылсын;
б) Мәмлекетлик уйымлар хызметкерлердиң ўәкилликли уйымлары менен биргеликте:
(I) имканиятынан келип шиққан ҳалда шөлкем аймағында спорт зоналарын шөлкемлестирсин;
(II) хызметкерлер дене тәрбиясы менен шуғылланыўы ушын зәрүр шараятлар жаратылыўын тәмийинлесин;
(III) спорт үгит-нәсиятлаўшылары тәрепинен хызметкерлер арасында дене салмағы индекси өлшеп барылыўын және ҳәр бир хызметкер бойынша мағлыўматлардың «hrm.argos.uz»платформасына турақлы киргизип барылыўын тәмийинлесин;
(IV) хызметкерлер арасында саламат турмыс тәризине әмел етиў бойынша зәрүр илажларды әмелге асырып барсын.
- IV. Шөлкемлестириў илажлары.
Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги Экономика ҳәм қаржы министрлиги, Әдиллик министрлиги ҳәм Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте Сырт ел хызмет сапарларының нәтийжелилигин баҳалаў методикасын тастыйықлаў бойынша Министрлер Кабинетиниң қарары жойбарын киргизсин.
Санлы технологиялар министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте Санлы технологияларды раўажландырыў қорының қаржылары есабынан Мәмлекетлик уйымлар белсендилигиниң миллий рейтинги электрон платформасын ислеп шықсын ҳәм платформаның иске қосылыўын, сондай-ақ, басқа да уйымлардың мәлимлеме системалары менен интеграцияланыўын тәмийинлесин.
Экономика ҳәм қаржы министрлиги Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги, Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги менен биргеликте 2026-жыл 1-январьдан баслап мәмлекетлик хызметкерлердиң лаўазымлық мийнет ҳақысын олардың жумыс тәжирийбеси, илимий ҳәм маманлық дәрежеси, нәтийжелилиги ҳәм басқа да көрсеткишлеринен келип шығып, бирден-бир принцип тийкарында қәлиплестириў бойынша 2025жыл 1-ноябрьге шекем мәмлекетлик хызметкерлердиң айлық мийнет ҳақы системасын түп-тийкарынан жетилистириўге байланыслы Өзбекстан Республикасы Президенти Пәрманының жойбарын киргизсин.
- Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлигиниң бар штат бирликлери шеңберинде мәмлекетлик хызметкерлердиң әдеп-икрамлылық қағыйдаларына қайшы ис-ҳәрекетлериниң алдын алыўға қаратылған жумысларды муўапықластырыў ўазыйпасын атқаратуғын әдеп-икрамлылық комиссиялары менен ислесиў бойынша бөлимшени шөлкемлестирсин.
- Мәмлекетлик хызметкерлер арасында саламат турмыс тәризин енгизиў мақсетинде:
а) Спорт министрлиги Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясы, Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги менен биргеликте үш ай мүддетте денетәрбия ҳәм ҳәрекет активлиги бойынша усыныс илажлар ҳәм әсбап-үскенелердиң дизимин және олардың нормаларын тастыйықласын;
б) Денсаўлықты сақлаў министрлиги 2026-жыл 1-январьдан баслап мәмлекетлик хызметкерлердиң жылына кеминде бир мәрте медициналық тексериўден өткерилиўин шөлкемлестирсин;
в) Санлы технологиялар министрлиги Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги менен биргеликте үш ай мүддетте “hrm.argos.uz” платформасында хызметкерлердиң дене салмағы индексин киргизип барыў имканиятларын жаратсын;
г) мәмлекетлик уйымлар 2026-жыл 1-январьдан баслап өзлерине тийисли асханаларды толық ауцорсинг тийкарында шөлкемлестирсин, оларда саламат аўқатланыўды кеңнен енгизсин ҳәм мазалы затлар, майлы, қамырлы азық-аўқат өнимлери ҳәм тағамлар, сондай-ақ, инсан саламатлығына унамсыз тәсир етиўши басқа түрдеги өнимлердиң саўдасын шеклесин;
д) Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги менен биргеликте үш ай мүддетте мәмлекетлик хызметкерлерди медициналық тексериўден өткериў тәртибин және мәмлекетлик уйымлардың асханаларына қойылатуғын талапларды ҳәм саламат аўқатланыў нормаларын тастыйықлаў илажларын көрсин.
- Мәмлекетлик хызметкерлерге мәмлекетлик хызмет лаўазымларының маманлық дәрежелери берилиўин тәмийинлеў мақсетинде:
а) мәмлекетлик уйымлардың басшылары 2025-жыл 1-ноябрьге шекем мәмлекетлик хызметкерлерге, бурынғысынан басқаша тәризде, бир мәрте, олар ийелеп турған лаўазымға муўапық, бирақ олардағы ҳәзирги арнаўлы атақлардан (дәреже ямаса маманлық дәрежелеринен) төмен болмаған мәмлекетлик пуқаралық хызмети лаўазымларының маманлық дәрежелери берилиўин тәмийинлесин;
б) мәмлекетлик пуқаралық хызмети лаўазымларының маманлық дәрежелери ушын қосымша төлемлер енгизилгенге шекем мәмлекетлик хызметкерлерге әмелдеги арнаўлы атақлары (дәреже ҳәм маманлық дәрежеси) бойынша қосымша төлемлер (үстеме, ҳақы) төлеў даўам еттириледи.
21.Төмендегилер:
а) Мәмлекетлик пуқаралық хызметин 2030-жылға шекем раўажландырыў стратегиясы 1-қосымшаға муўапық;
б) Мәмлекетлик пуқаралық хызметин 2030-жылға шекем раўажландырыў стратегиясының мақсетли көрсеткишлери 2-қосымшаға муўапық;
в) Мәмлекетлик пуқаралық хызметин 2030-жылға шекем раўажландырыў стратегиясын әмелге асырыў бойынша 2025-2026-жылларға мөлшерленген илажлар бағдарламасы 3-қосымшаға муўапық;
г) Мәмлекетлик пуқаралық хызмети енгизилетуғын мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң дизими 4-қосымшаға муўапық;
д) Республикалық, аймақлық ҳәм район дәрежесиндеги мәмлекетлик уйымлар мәмлекетлик пуқаралық хызмети лаўазымларының мәмлекетлик реестри 5-қосымшаға муўапық;
е) Миллий дәрежедеги мәмлекетлик уйымлар мәмлекетлик пуқаралық хызмети лаўазымларының мәмлекетлик реестри 5а-қосымшаға муўапық;
ж) Мәмлекетлик пуқаралық хызмети лаўазымын ийелеў ушын таңлаў өткериў тәртиби ҳаққындағы реже 6-қосымшаға муўапық;
з) Миллий кадрлар резервин қәлиплестириў ҳәм жүргизиў тәртиби ҳаққындағы реже 7-қосымшаға муўапық;
и) Мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлерине маманлық дәрежелерин бериў тәртиби ҳаққындағы реже 8-қосымшаға муўапық;
к) Мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлердиң кәсиплик компетенцияларын үзликсиз түрде арттырыў тәртиби ҳаққындағы реже 9-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
VII. Пәрманның орынланыўын шөлкемлестириў, тәмийинлеў ҳәм қадағалаў
22.Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 10-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
23.Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлери 11-қосымшаға муўапық өз күшин жойытқан деп есаплансын.
24.Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги Әдиллик министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усынысларды киргизсин.
25.Усы пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Ғ.Ғ.Мирзаевқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президент Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2025-жыл 19-июнь