Тақыятаста тигилген кийимлер енди сырт ел базарларында сатылады

533

Президент  пәрманы ҳәрекетте

Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша бир қатар қарар ҳәм пәрманлары қабыл етилип, бүгин республикамызда  кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. 2023-жылы 8-августта қабыл етилген “Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлерге қолайлы шәраятлар жаратыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында» ғы пәрманы тийкарында  Тақыятас районында  ири фабрика қурып питкерилди.

Президентимиздиң тапсырмасы менен республикамыздағы барлық ўәлаятлар Қарақалпақстанның қала ҳәм районларын раўажландырыў мақсетинде бириктирилген еди. Солар  қатарында  Тақыятас районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўға көмеклесиў ушын Сурхандәрья ўәлаяты бириктирилген болып, ҳәзирги ўақытта ўәлаят жуўапкерлери тәрепинен районда кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Атап айтқанда,  ўәлаят ҳәкимлиги басшылығында сурхандәрьялы исбилерменлер ҳәм Тақыятас районы жуўапкерлери тәрепинен улыўма баҳасы 4 млн. долларлық трикотаж ҳәм тигиўшилик өнимлерин ислеп шығарыў фабрикасын шөлкемлестириў жойбары әмелге асырылды.  «Сурхан-Тақыятас текстил» фабрикасында ҳәзирги ўақытта  жергиликли 200 ге шамалас жергиликли ҳаял-қызлардың бәнтлиги тәмийинленбекте. Бул болса аймақта жасаўшы 200 ге жақын шаңараққа қосымша дәрәмат алып кириўи сөзсиз.

Фабриканың жыллық қуўатлылығы 10 млрд сум. Өним 100 процент экспортқа жибериледи. Шийки зат толық өзимизден. Ал бүгинги күнде фабрика толық заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинленген болып, ол жерде жумыс ислеп атырған ҳаял-қызлар усындай қолайлықлардан миннетдар.

-Жаңа үмитлер, жаңа қәдемлер менен районда тигиўшилик өнимлерин ислеп шығарыў фабрикасының жумысы  жолға қойылды. Бул әҳмийетли баслама районымыз  ҳаял-қызлары турмысында жаңа дәўирге алып барыўшы айдын жол десек болады. Мениң турмысыма да қуўаныш алып кирген усы фабрика себепли жумыслы болдым. Ҳүрметли Президентимизге   биз ҳаял-қызларға  жаратылған имканиятлар ушын миннетдармыз,-дейди  райондағы «Абат»  МПЖ турғыны Сәрбиназ Назарова.

Бүгин «Жаңа Өзбекстан» ды қурыў жолында алып барылып атырған реформалар Қарақалпақстан көлеминде усындай табыслар менен көзге тасланбақта. Ең тийкарғысы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм республикамызды раўажландырыў жолында алып барылып атырған реформалардан  халқымыз миннетдар болмақта.

Г.Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги