Белсенди пуқаралық позициясын қәлиплестириў жолындағы илаж

416

Беруний районында халықтың ҳуқықый санасын арттырыў, пуқараларды суд процесслерине кеңнен тартыў арқалы суд ҳәкимиятының ашық-айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде, ашық суд мәжилиси шөлкемлестирилди.

Атап айтқанда, Бостан мәкан пуқаралар жыйыны имаратында жынаят ислери бойынша Беруний районы судының баслығы Р.Камалованың басшылығында шаңарақлық келиспеўшиликке байланыслы жынаят иси бойынша ашық суд мәжилиси болып өтти.

Суд процесинде мәҳәлле белсендилери қатнасты.

Ашық суд мәжилиси даўамында ис материаллары, тәреплердиң пикир-усыныслары тыңланып, нызам шеңберинде тийкарланған ҳүким қабыл етилди. Бундай ашық суд мәжилислери тек ғана жынаят ислерин шешиў емес, ал, пуқаралардың ҳуқықый билимлерин арттырыўда да үлкен әҳмийетке ийе.

Суд мәжилисиниң жуўмағында,  судья Р.Камалова қатнасыўшыларға коррупция ҳәм адам саўдасына қарсы гүресиўге қаратылған нызам ҳүжжетлери, олардың әҳмийети, сондай-ақ, бундай жынаятлардың алдын алыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында түсиниклер берди.



Сондай-ақ, ол пуқараларды ҳуқықый мәдениятты арттырыў, өз ҳуқық ҳәм миннетлемелерин дурыс түсиниў және жәмийеттеги унамсыз иллетлерге маўасасыз болыўға шақырды.

Бундай ашық сәўбетлесиў ҳәм  суд мәжилислери халық арасында ҳуқықый сана ҳәм белсенди пуқаралық позициясын қәлиплестириўде әҳмийетли фактор болып хызмет етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги