Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Қашқадарья ўәлаятын комплексли раўажландырыўдың тийкарғы ўазыйпаларына бағышланған мәжилис басланды

“Ўәлаяттағы өзгерислерди көрип, адамлар менен сөйлесип, реформаларымыз олардың турмысына жедел кирип атырғанына және бир мәрте исеним пайда еттим. Алдынлары бир ўәлаяттағы өзгерислер менен танысыўға бир күн жетер еди. Усы күнлерге жетип келдик, ҳәзир бир районға бир ҳәпте де аз,” – деди мәмлекетимиз басшысы.
Сегиз жыл алдын ўәлаят санаатының ярымынан көби нефть-газ ҳәм химия тармағы кәрханаларына туўра келгени, өткен дәўирде электротехника, қурылыс материаллары, тоқымашылық, мебель ислеп шығарыў тараўларында үлкен секириў болып, ҳәзирги ўақытта бул тармақлардың санааттағы үлеси 54 процентти қурап атырғаны атап өтилди.
Бирақ исленген жумыслар менен шекленип қалмастан, және де жоқары пәт пенен ислеў керек екенлиги көрсетип өтилди.
Президентимиз усы ҳәпте басында ҳәкимлерге жоқарыдан тапсырма күтпей, өзи баслама көтерип, проактив жумыс ислеўге өтиў бойынша анық ўазыйпаларды белгилеп бергенин ескертти. Қашқадәрьяда еле иске қосылмаған кеминде 15 миллиард долларлық потенциал бар. Бул имканиятлардың кеминде үштен бир бөлеги жойбарға айландырылса, ўәлаяттың жалпы аймақлық өнимин келеси бес жылда биймәлел 10 миллиард доллардан арттырыў мүмкин екенлиги атап өтилди.
Усы мүнәсибет пенен Қашқадәряда ўәлаятлық “Реформалар штабы” дүзилиўи белгиленди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги