Президент Шавкат Мирзиёев аймақлардың раўажланыўы, реформалардың нәтийжелилиги менен жақыннан танысыў мақсетинде 19-июнь күни Қашқадәрья ўәлаятына барды.
Мәмлекетимиздеги экономикалық реформалар тараў ҳәм тармақларда өз нәтийжелерин бермекте. Пүткил республикада технологиялық “секириў” бақланбақта. Атап айтқанда, усы жылдың бес айында санаат 6,4 процентке өскен, бул тараўда экспорт 6 миллиард доллардан артқан.
Онда Қашқадәрья санаатының үлеси үлкен. Қаршы қаласындағы “Alp texno servis” усындай экспортшы кәрханалардан бири.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң Қашқадәрья ўәлаятына сапарының дәслепки мәнзили “Alp texno servis” кәрханасы болды.
Баҳасы 10 миллион доллар болған бул жойбар электр техникасы бағдарында глобал жеткерип бериў шынжырында орын ийелеген. Кәрхана сырт ел “TСL”, “HOFMANN” брендлери ушын буйыртпалар таярлап бермекте. Сондай-ақ, жергиликли SMART брендине тийкар салынған. Усы атамалар астында жылына 500 мың данаға шекем телевизор ҳәм электрон платалар ислеп шығарылмақта.
Өнимлер жоқары технологиялық, сапасы ҳәм дизайны базар талабына сәйкес. Сол себепли 70 процент товарлар экспортқа қаратылмақта. Өткен жылы 2 миллион доллардан аслам экспорт етилген. Быйылғы реже 10 миллион доллар.
Мәмлекетимиз басшысы бул тармақты буннан былай да раўажландырыў зәрүрлигин атап өтти.
– Бул тараўда тәжирийбе арттырдық, сыртқы базарға жол таптық. Енди бул кәрхананы кеңейтиў керек. Адамзат бар екен, бундай өнимлерге талап болады. Тек сапа ҳәм номенклатура бойынша өсим, бәсекиге шыдамлы болыў зәрүр, – деди Шавкат Мирзиёев.
Және бир әҳмийетли ўазыйпа – локализациялаў. Ҳәзир кәрханада бул көрсеткиш 50 проценттен артқан. Келешекте 20 миллион долларлық және 4 жойбарды әмелге асырып, шаң жутқыш, электр шайнек, ҳаўа суўытқыш, вентильятор ислеп шығарыў режелестирилген. Булардың нәтийжесинде жылына 30 миллион долларлық экспорт имканияты жаратылады.
Кәрханада 200 адам жумыс пенен тәмийинленген. Қаршы мәмлекетлик техника университети менен дуал билимлендириў жолға қойылған.
Мәмлекетимиз басшысы Қаршы қаласынан Шаҳрисабзға баратырып, поездда қашқадәрьялы белсендилер менен қызғын сөйлести.
Сөйлесиўде қала ҳәм аўыллардағы өзгерислер, халықтың турмысы, бүгинги тынышлықтың қәдири ҳаққында сөз болды.
“Инсан қәдири ушын, инсан бахыты ушын” деген ийгиликли идея мәмлекетимиздиң жумыс бағдарламасына айланған. Усы тийкарда халықтың турмыс шараятларын жақсылаў, дәраматын ҳәм абаданлығын арттырыў, мәҳәллелерди абат етиў жәмийетлик турмысымызда жетекши орынға шықпақта.
Аймақлардың имканиятын толық иске қосыў, кәмбағаллықты қысқартыўға қаратылған бағдарламалар нәтийжесинде елимиздиң өзинде мүнәсип мийнет шараятлары жаратылмақта. Жаслар ҳәм ҳаял-қызлар дәраматлы кәсиплерге оқытылмақта.
Экономикадағы структуралық өзгерислер нәтийжесинде санаат жедел раўажланбақта, алдынғы технологиялы кәрханаларда қосымша қун жаратылмақта. Аўыл хожалығы, туризм, транспорт, энергетика тараўларында үлкен жойбарлар иске қосылмақта.
Президентимиз экономиканың раўажланыўы, халықтың кейпиятында жоллардың әҳмийети жоқары екенин атап өтип, бул бағдарда жуўапкерлерге тапсырмалар берди. Кейинги 2 жылда елимизде 40 мың километр жол ҳәм 540 көпир оңланған. Быйыл Қашқадәрьяда жәми 100 километр магистраль жоллардың оңланыўы режелестирилген. Бул жойбарларды жеделлестириў, жол бойларын абаданластырыў бойынша көрсетпелер берилди.
Нуранийлар бул өзгерислерди халқымыз өз турмысында сезип, реформаларға жоқары баҳа берип атырғанын айтты. Ҳаял-қызлар ўәкили ҳаял-қызларға барлық тараўларда кең имканиятлар берилгени, нәтийжеде олар өз шаңарағы ҳәм мийнет жәмәәтлеринде қәдири артып, турмысынан разы болып жасап атырғанын айтып берди.
Буннан соң Президент Шавкат Мирзиёев Шаҳрисабз қаласындағы көп тармақлы кардиология орайының жумысы менен танысты.
Социаллық мәмлекет есапланған Өзбекстанда халықтың саламатлығын беккемлеў ең әҳмийетли бағдарлардан бири. Усы мақсетте мәмлекетлик емлеўханалар реформаланбақта, тараўға инвестициялар тартылып, жеке меншик сектор да раўажландырылмақта. Соның ишинде, бүгинги күнде Қашқадәрьяда 700 ден аслам жеке меншик клиника ашылған, оларда 72 хызмет түри жолға қойылған.
Россиялы исбилермен менен биргеликте шөлкемлестирилген “Оқ сарой” клиникасы жақында иске түсти. Бул жерде 4 хирургиялық ҳәм 6 реанимация бөлмелери, 100 ден аслам емлеў орынлары бар. Бир ўақыттың өзинде 4 ҳәм күнине 25 ке шекем жоқары технологиялы кардиохирургиялық операцияларды өткериў имканияты жаратылған. Оның ушын Россия, Түркия ҳәм Кувейттен тәжирийбели шыпакерлер жумысқа тартылған. Стентлеў, аорта коронар шунтлаў, туўма нуқсанларды сапластырыў, эндопротезлеў сыяқлы емлеўлердиң нәтийжеси жоқары.
Орай жоқары анықлықта диагностика хызметин де көрсетеди. Мәселен, заманагөй эхокардиография үскенеси жасалма интеллект жәрдеминде ислейди. Бундайы ҳәзирше Өзбекстанда бирден-бир.
Мәмлекетимиз басшысы бундай инновациялық клиникалар медицинада сапа ҳәм көзқарасты өзгертип, басқаларды да трансформацияға ийтермелейтуғынын атап өтти.
– Бул жердеги системаны үлги етип алып, 14 аймағымызда усындай клиникалар шөлкемлестириў зәрүр. Буған қанша қаржы керек болса, табамыз. Тек негизинде халқымыз ушын кепилленген сапалы ем болыўы керек. Альтернативлик, бәсеки болмаса, сапаға умтылыў болмайды, – деди Шавкат Мирзиёев.
Жуўапкерлерге бул бойынша усыныс таярлаў, клиникаларды басланғыш буўын ҳәм медициналық қамсызландырыў системасы менен үйлестириў бойынша көрсетпелер берилди.
Емлеўханада 130 жумыс орны жаратылған. Маман қәнигелер таярлаў ушын усы жердиң өзинде клиникалық ординатура жолға қойылған.
Президентимиз буған айрықша итибар қаратып, студентлер ҳәм шыпакерлердиң маманлығын арттырыў, сырт елли қәнигелер менен телемедицинаны кеңейтиў зәрүр екенлигин атап өтти.
Надурыс аўқатланыў ақыбетинде қашқадәрьялылар арасында жүрек-қан тамыр кеселликлери көп ушырасатуғынын атап өтиў орынлы. Жаңа клиника ҳәм оның жанындағы орай усы кеселликлерди ерте анықлап, диагноз қойыў ҳәм емлеўде үлкен әҳмийетке ийе.
Бул орай тәрепинен мобиль диагностика машиналары жолға қойылған болып, шетки аймақлардағы халыққа УЗИ, МСКТ, ЭКГ сыяқлы медициналық хызметлерди көрсетеди.
Президент Шавкат Мирзиёев Яккабоғ районында қурылған “Жаңа Өзбекстан” массивин барып көрди.
Халықтың абаданлығы ҳәм турмыс мәдениятын арттырыўға қаратылған бул массив алдынғы қала қурылысы шешимлери тийкарында қурылған. Көп қабатлы турақ жайлар көркемлиги, тәртиплилиги ҳәм абаданлығы менен район көринисин өзгертип жиберди. 18 гектар майданды ийелеген массивте 54 бес қабатлы турақ жайлар қурылып, 1 мың 400 квартира халыққа бериледи.
Имаратлар тек ғана заманагөй архитектурасы менен емес, ал халық ушын жаратылған инфраструктураның қолайлығы менен де ажыралып турады. Ҳәр бир үй заманагөй коммуникация тармақлары, әтирапында болса балалар майданшалары ҳәм автомобиль туратуғын орынлар менен тәмийинленген.
Соның менен бирге, аймақта үш қабатлы “Эко базар” қурылған. Ол арқалы жергиликли дийқанлар өз өнимлерин тиккелей тутыныўшыларға жеткериў имканиятына ийе. Бул болса ҳәм сапа, ҳәм баҳа жағынан адамларға мақул болмақта. Базарда 640 жумыс орны жаратылған.
Мәмлекетимиз басшысы бул экобазарда жаратылған шараятларды көзден өткерди, сатыўшы ҳәм қарыйдарлар менен сөйлести.
– Базарлар молшылық, абаданлық ҳәм халықтың мәдениятын көрсетеди. Яккабоғда усындай абат орын қурылғаны қуўанышлы. Халқымыздың сатып алыў қәбилети, базар мәденияты артып бармақта. Соған мүнәсип бундай қолайлы саўда орайларын көбейтиў керек,-деди Президент.
Айрықша итибарға ылайық тәрепи, массивтеги инфраструктура имаратларына қуяш панельлери ҳәм гелиоколлекторлар орнатылған. Бул болса энергияны үнемлеў ҳәм үзликсизлик, экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеўде әҳмийетли фактор болмақта.
Халықтың дем алыўы, балалар ҳәм жаслардың белсенди ўақыт өткериўи ушын да қолайлықлар жаратылған. Атап айтқанда, сейил етиў орынлары, балалар бақшасы, спорт майданлары, саўалландырыў ҳәм сервис орынлары бирден-бир концепция тийкарында қурылған.
Жуўапкерлерге усы концепция тийкарында басқа да район орайлары ҳәм массивлерди де раўажландырыў бойынша көрсетпелер берилди.
Мәмлекетимиз басшысы Шаҳрисабз районы Ҳисар таўы жанбаўырындағы туристлик потенциал менен танысты.
Туризм аз қаржы менен көп жумыс орнын жарататуғын, халықтың дәраматын ҳәм аймақлардың көринисин жақсылайтуғын тараў. Қашқадәрьяда да бул бағдарда имканиятлар көп.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 28-ноябрьдеги қарары тийкарында Қашқадәрья ўәлаятының таўлы-рекреациялық аймақларында заманагөй хызмет көрсетиў ҳәм туризм комплекслери қурылмақта. Соның ишинде, сырт мәмлекетлердиң маман экспертлери ҳәм жетекши компанияларының қатнасыўында Мираки, Әмир Темур, Улач ҳәм Палмон мәҳәллелеринде туристлер ушын қолайлықлар жаратылмақта. Улыўма 240 гектар майданда 400 миллион долларлық 117 жойбар әмелге асырылмақта. Буның нәтийжесинде болса 1 мың 700 турақлы жумыс орны ашылады.
Бүгин Миракидеги өзгерислер усы қарар ҳәм туризм бойынша өткерилген мәжилислердиң нәтийжеси.
Бурын бул сулыў орынлардан ҳәр ким өз билгенинше пайдаланатуғын еди. Сай бойлары тәртипсиз, дем алыў орынларында инфраструктура жетиспейтуғын еди. Бүгин бул мәнзил бир пүтин туризм кластерине – “Мираки” халықаралық туризм орайына айланды.
Мәмлекетимиз басшысы бул жердеги абатлық ҳәм қолайлықларды көзден өткерди. Ақсуў дәрьясының еки жағасы бойлап пияда ҳәм велосипедте жүриў ушын он километрлик “эко жол” шөлкемлестирилген. Балалар майданшасы, кеўилашар бағ, нуранийлар дәргайы, шаңарақлық мийман үйлери ҳәм көшпели саўда шақапшалары мәҳәллениң көркине көрик қосқан.
“Miraki and spa resort” дем алыў аймағы туризм орайының заманагөй бөлеги. Бул жерде еки мийманхана, саўда ҳәм кеўилашар комплекс қурылған. Сондай-ақ, бир ўақыттың өзинде 600 туристти қабыллай алатуғын мийманханалар, 300 орынлық шаңарақлық хостел ашылған. Бул жылына 300 мыңнан аслам мийманға хызмет көрсетилиўин аңлатады.
Мәмлекетимиз басшысы жаңа мийманхана ҳәм саўда комплексиниң жумысы менен танысты. Туризм бойынша келешектеги әҳмийетли жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берилди.
– Шаҳрисабздың абзаллығы – жыл даўамында саяхатқа келиў мүмкин. Оның ушын жол, коммуникация, мийманханалар қурып атырмыз. Енди хызмет түрлерин көбейтиўди ойлаў керек. Мәселен, Миракиге келген мийман ўақтын қалай өткереди, нелер сатып алады? Усы талаплардан келип шығып, хызметлер усыныс етиў, бул жердиң тәбияты ҳәм шараятын сырт еллерде кеңнен үгит-нәсиятлаў керек, – деди Шавкат Мирзиёев.
Жаңа туристлик орайға инвесторларды тартыў ушын инженерлик-коммуникация тармақлары тартылған. Миракиге алып барыўшы ҳәм мәҳәлле ишиндеги жоллар толық оңланған. Электр тәмийнаты жақсыланған. Туристлерди қызықтырыў ушын Ҳисорак суў сақлағышына тутас аймақта еки километрден аслам аспа жол ҳәм теңиз қәддинен 2 мың 700 метр бийикликте ресторан да қурылған.
Бундай кең қолайлықлар Қашқадәрьяға келиўши туристлердиң санын арттырмақта. Өткен жылы ўәлаятқа еки ярым миллионнан аслам турист келген. Соннан бес жүз мыңға шамаласы әйне Шаҳрисабз районына келген. Аймақтағы бул өзгерислерден кейин келтирилген сан бир неше есеге өсиўи тәбийғый.
Президент Шавкат Мирзиёев Шаҳрисабз районындағы Ҳисорак суў сақлағышы жанында қурылған Ҳисорак киши гидроэлектр станциясын көзден өткерди.
Ҳисорак суў сақлағышы 1987-жылы қурылған болып, 2004-жылы капитал реконструкцияланған. Аймақта 2011-жылы иске қосылған қуўатлылығы 45 МВт болған тийкарғы Ҳисорак ГЭСи де болып, жылына 80 миллион киловатт саат электр энергиясын ислеп шығарады. Бул болса орташа есапта 33 мың шаңарақтың жыллық электр энергиясына талабын қаплайды.
Мәмлекетимизде экологиялық таза, арзан ҳәм қайта тиклениўши энергия дәреклерин көбейтиў және бар қуўатлықларды арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта. “Өзбекгидроэнерго” акционерлик жәмийети тәрепинен киши ҳәм микро ГЭСлер қурылып, пайдаланыўға тапсырылмақта.
Шаҳрисабз районында энергетика қуўатлылығы 3,5 МВт қа тең, жылына орташа 17,5 миллион киловатт саат электр энергиясын ислеп шығаратуғын Ҳисорак киши ГЭСи солардың қатарына киреди. Оның қурылысы толық локализациялаў шеңберинде әмелге асырылды. Жойбардың баҳасы 1,5 миллион долларды қурайды. ГЭС жумысы нәтийжесинде жылына орташа 5 миллион метр куб тәбийғый газ үнемленеди. Бул жерде ислеп шығарылатуғын электр энергиясы 7 мың 300 шаңараққа жетеди.
Мәмлекетимиз басшысына дәрья суўынан энергия алыў бойынша келешектеги режелер ҳаққында мәлимлеме берилди.
Ең әҳмийетли жойбарлардан бири – келеси еки жыл ишинде улыўма қуўатлылығы 12 МВт болған 416 кинетикалық турбинали микро ГЭС қурыў режеси болып табылады. Бул микро ГЭСлер салма ҳәм каналлардағы суў ағысынан нәтийжели энергия ислеп шығарыў имканиятын береди.
Ҳәзирги ўақытта ўәлаятта улыўма қуўатлылығы 49 МВт болған 3 ГЭС жумыс алып бармақта. Келешектеги жойбарлар себепли бул көрсеткиш сезилерли дәрежеде артыўы күтилмекте. Гидроэнергетика арқалы ўәлаятта халықтың электр энергиясы тутыныўының 15 процентин қаплаў мақсет етилген.
Мәмлекетимизде соңғы сегиз жыл ишинде электр энергиясын ислеп шығарыў 38 процентке артып, 81,5 миллиард кВт/саатқа жетти. Усы жылы республика бойынша улыўма қуўатлылығы 24,7 МВт болған 5 жаңа киши ГЭС пайдаланыўға тапсырылыўы режелестирилген.
Италия, Францияның ландшафт бағлары, қырдағы жүзимзарлары дүньяга белгили. Оларды барып көриўге ықласбентлер көп. Енди усындай көркем орын Шаҳрисабзда да бар.
Мәмлекетимиз басшысы Қашқадәрьяға сапары ўақтында усы агротуризм комплексин барып көрди.
Бурын бул жерлер қурғақ далаңлық болған. Тамшылатып суўғарыў жолға қойылғаны нәтийжесинде аймақ жасылға бүркенди. Комплекс 520 гектардан ибарат болып, төбелик бөлиминде “терраса” усылында жүзим, черешня ҳәм алма егилген ҳәм тоғай жаратылған. Франциядан ең сайланды сортлар алып келинген.
– Шөллерди өзлестириўимизге гүманланғанлар усы бағды келип көрсин, – деди Президент.
7,5 мың тонна өним жетистириў имканиятына ийе комплекстиң экспорт қуўатлылығы 5 миллион долларға тең. 100 турақлы ҳәм мыңнан аслам мәўсимлик жумыс орны жаратылған. Нәллердиң раўажланыўын франциялы қәниге бақлап барады, жасларға дийқаншылық сырлары ҳәм базар талапларын үйретеди.
Аймақта, сондай-ақ, 120 орынлық ресторан ҳәм 100 орынлық мийманхана қурылған. Агрологистика ҳәм оқыў орайы, қайта ислеў, сақлаў қуўатлықлары қурылмақта.
Жуўапкерлер бундай бағларды кеңейтиў, басқа да таўлы районларда шөлкемлестириў режелери ҳаққында айтты. Мәмлекетимиз басшысы суўғарыўды шөлкемлестирип, бағларды халыққа бөлип бериў, адамларға дәрамат дәрегин жаратыў бойынша тапсырмалар берди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Қашқадәрья ўәлаятына сапары даўам етпекте.
ӨзА