РФ Президенти дүньяның абырайлы мәлимлеме агентликлериниң басшылары менен ушырасты

Усы жыл 18-июнь күни Россия Президенти Владимир Путин Санкт-Петербург халықаралық экономикалық форумы (ПМЭФ) шеңберинде, дәстүрге бола, дүньяның жетекши мәлимлеме агентликлериниң басшылары менен ушырасыў өткерди.
«Россия мәлимлеме-телеграф агентлиги (ИТАР-ТАСС)» Федерал мәмлекетлик унитар кәрханасы жәрдеминде быйыл тоғызыншы мәрте шөлкемлестирилген, еки саатқа шамалас даўам еткен усы сөйлесиўде “Reuters”, “Deutsche Press Аgеntur”, EFE, “Синьхуа”, “Associated Press”, “Anadolu”, “France Press” сыяқлы белгили медиа бирлеспелериниң басшылары қатарында Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги – ӨзА бас директоры, сенатор Абдусаид Кўчимов та қатнасты.

Күтилгениндей, жетекши сырт мәмлекетлер ҒХҚ ўәкиллериниң қатнасыўында өткен сөйлесиўде Россия-Украина келиспеўшилиги, НАТОның бүгинги ҳәрекетлери, Жақын Шығыс келиспеўшилиги, әсиресе Иран –Израиль келиспеўшилиги, АҚШтың дүнья сиясатына тәсири сыяқлы әҳмийетли темалар тилге алынған.
Атап айтқанда, ӨзА басшысы Путинге мүрәжат етер екен, кейинги ўақытта халықаралық жәмийетшилик додалаўынан түспей атырған мәселе – РФ ҳүкимети алып барып атырған миграция сиясатын жетилистириўге қаратылған илажлар себепли жүзеге келген айырым келиспеўшиликлерге итибар қаратты.
РФ жетекшиси бул сораўға жуўап берер екен, ҳақыйқаттан мигрантлар менен байланыслы, социаллық өзгешеликке ийе ямаса мийнет базарына байланыслы айырым бир машқалалар бар екенлигин бийкар етпеген ҳалда, әйне, «Өзбекстан Президенти Шавкат Миромонович пенен бул мәселеде биргеликте жумыс алып барылып атырғаны, машқалалар, әлбетте, сапластырылатуғыны»н атап өтти.

Абдусаид Кўчимов Владимир Путин менен сөйлесиў даўамында бул әҳмийетли мәселе бойынша белгили бир усынысларды да алға қойды. Мәселен, еки мәмлекет жасларының турақлы улыўма келешегин қурыў ушын кең көлемли, узақ мүддетке мөлшерленген арнаўлы бағдарламалар ислеп шығыў ҳәм иске түсириў зәрүр екенлигин билдирди.
Өз гезегинде, Россия басшысы мәмлекетимиз ўәкилиниң пикирин толық мақуллап, бул бағдарда избе-из жумыс алып барылыўы, мәселен РФда ислеў тилегинде болған жасларды айрықша таярлаў системасын жаратыў нәзерде тутылғанына әҳмийет қаратты. В.Путин усы жерде Өзбекстан Президентиниң жәрдемшиси Саида Мирзиёеваның жақында Москваға әмелге асырған сапарына да тоқтап өтти.
Усы сапар ўақтында, РФ Ҳүкимети ҳәм Президент Администрациясының жуўапкерлери менен ушырасыўлар даўамында мәмлекетимиз басшысының тапсырмасына бола жаслар арасындағы қатнасықларды раўажландырыў, әйне, бағдарды жедел алға қойыўға әҳмийетли итибар қаратылған.
ӨзА