Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоева БМШтың Наркотиклер ҳәм жынаятшылық бойынша басқармасының (БМШ НЖБ) Аўғанстан, Орайлық Азия, Пакистан ҳәм Ирандағы регионаллық ўәкили Оливер Штолпе менен ушырасыў өткерди.
Онда Өзбекстанда Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар жоқары баҳаланып, бул процесслерде БМШ НЖБ мәмлекетте әмелге асырылып атырған жумысларды толық қоллап-қуўатлайтуғынын ҳәм ҳәр тәреплеме жәрдем бериўге таяр екенлигин билдирди.
Атап өтилгениндей, Өзбекстанда коррупцияға ҳәм адам саўдасына қарсы гүресиў мәселелери мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилген. Бул бағдарда БМШ НЖБ тәрепинен үлкен жәрдем көрсетилип атырғаны, сондай-ақ, Басқарманың коррупция, нәшебентлик затлардың нызамсыз айланысы ҳәм адам саўдасына қарсы гүресиў бағдарындағы тәжирийбеси халықаралық стандартларды есапқа алған ҳалда миллий механизмлердиң нәтийжелилигин және де арттырыўға хызмет ететуғынына исеним билдирилди.
Сөйлесиў ўақтында коррупция ҳәм адам саўдасына қарсы гүресиўде парламенттиң ролине итибар қаратылып, бул өз орнында халықаралық көлемде тән алынған беккем нызамшылық системасын қәлиплестириўге хызмет етип атырғаны атап өтилди. Соның менен бирге, Өзбекстанның бул бағдардағы тәжирийбеси халықаралық дәрежеде үлги болыўы мүмкин екенлиги атап өтилди.
Өзбекстанның адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў, оған байланыслы жынаятларды анықлаў ҳәм айыпкерлерди жуўапкершиликке тартыў ислери сезилерли дәрежеде жақсыланғанлығы, мийнет мигрантларының ҳуқықларын қорғаў бағдарындағы жетискенликлери атап өтилди. Бул мәмлекеттиң халықаралық рейтинглердеги орны жақсыланыўында өз көринисин таўып атырғаны атап өтилди.
Тәреплер жынаятшылықтың алдын алыўда заманагөй мәлимлеме технологияларын қолланыў тараўындағы бирге ислесиўди жеделлестириўге, сондай-ақ, глобал таллаўлар – санластырыў, мийнет миграциясының кеңейиўи ҳәм басқа тийкарғы бағдарларды есапқа алған ҳалда 2026-2030-жылларға мөлшерленген бирге ислесиўдиң жаңа «жол картасы»н таярлаўға келисип алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги