Президент Шавкат Мирзиёев Яккабағ районында қурылған “Жаңа Өзбекстан” массивин барып көрди.

Халықтың абаданлығы ҳәм турмыс мәдениятын арттырыўға қаратылған бул массив алдынғы қала қурылысы шешимлери тийкарында қурылған. Көп қабатлы турақ жайлар көркемлиги, тәртиплилиги ҳәм абаданлығы менен район көринисин өзгертип жиберди. 18 гектар майданды ийелеген массивте 54 бес қабатлы турақ жайлар қурылып, 1 мың 400 квартира халыққа бериледи.

Имаратлар тек ғана заманагөй архитектурасы емес, ал халық ушын жаратылған инфраструктураның қолайлығы менен де ажыралып турады. Ҳәр бир үй заманагөй коммуникация тармақлары, әтирапы болса балалар майданшалары ҳәм автомобиль туратуғын орынлар менен тәмийинленген.

Соның менен бирге, аймақта қурылған үш қабатлы “Эко базар” қурылған. Ол арқалы жергиликли дийқанлар өз өнимлерин тиккелей тутыныўшыларға жеткериў имканиятына ийе. Бул болса ҳәм сапа, ҳәм баҳа жағынан адамларға мақул болмақта. Базарда 640 жумыс орны жаратылған.

Мәмлекетимиз басшысы бул экобазарда жаратылған шараятларды көзден өткерди, сатыўшы ҳәм қарыйдарлар менен сөйлести.

– Базарлар молшылық, абаданлық ҳәм халықтың мәдениятын көрсетеди. Яккабағда усындай абат орын қурылғаны қуўанышлы. Халқымыздың сатып алыў қәбилети, базар мәденияты артып бармақта. Соған мүнәсип бундай қолайлы саўда орайларын көбейтиў керек,-деди Президент.

Айрықша итибарға ылайық тәрепи, массивтеги инфраструктура имаратларына қуяш панельлери ҳәм гелиоколлекторлар орнатылған. Бул болса энергияны үнемлеў ҳәм үзликсизлик, экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеўде әҳмийетли фактор болмақта.

Халықтың дем алыўы, балалар ҳәм жаслардың белсенди ўақыт өткериўи ушын да қолайлықлар жаратылған. Атап айтқанда, сейил етиў орынлары, балалар бақшасы, спорт майданшалары, саламатландырыў орайлары ҳәм сервис пунктлери бирден-бир концепция тийкарында қурылған.




Жуўапкерлерге усы концепция тийкарында басқа район орайлары ҳәм массивлерди де раўажландырыў бойынша көрсетпелер берилди.

 

ӨзА