2025-2026-оқыў жылы ушын 7-, 8-, 9-классларға қәбилетли, талантлы, заманагөй билим алыўға қызығыўшы оқыўшыларды қабыллаў даўам етпекте!
Ҳүжжетлерди усы жылдың 20-июнь сәнесине шекем ОНЛАЙН тәризде my.gov.uz ҳәм де ariza.piima.uz сайты арқалы тапсырыўыңыз мүмкин.
Дөретиўшилик мектебине кириў имтиханлары төмендеги басқышларда ҳәм баллар кесимине муўапық әмелге асырылады.
– биринши басқыш: дөретиўшилик текст жаратыў – 50 балл;
– екинши басқыш: дөретиўшилик сәўбет – 50 балл;
– үшинши басқыш: тест сынағы – 83 балл (ана тили ҳәм әдебияты пәнинен 20 тест, инглис тили пәнинен 15 тест, интеллектуаллық қәбилет дәрежесин (ИҚ) анықлаў бойынша 15 тест), жәми – 50 тест.
✔Оқыўшылар дөретиўшилик мектебине усы үш басқыш нәтийжелерине бола, белгиленген квота шеңберинде қабыл етиледи.
Қабыллаў процеси ҳаққындағы жаңалықларды бизиң рәсмий телеграм каналымыз (https://t.me/i_yusupov_maktabi) арқалы бақлап барыўыңыз мүмкин.