Халықаралық дайджест (+видео)

288

Иран Израильдың ҳаўа аймағы үстинен толық қадағалаў орнатқанын жәриялады. Мәлим етилиўинше, Иран ҳаўа күшлери Израильға еткен түнги ҳүжим ўақтында еврей мәмлекети аспаны үстинен қадағалаўды қолға киргизген. Ислам революциясы сақшылары корпусы жаңа биринши әўлад қуралларынан пайдаланған ҳалда табыслы ҳүжим әмелге асырылғанын мәлим етти.

Израиль ҳүкимети Иран менен кескинлик артқаны себепли пуқараларына мәмлекеттен шығыўды қадаған етти. Мәлим етилиўинше, ҳүкимет ишки авиакомпанияларға израильлы жолаўшыларды халықаралық рейслерге қоймаўды буйырған. Оған Иранның Израиль аэропортларына итималлы ҳүжими қәўпи себеп болмақта. Израильдың тийкарғы халықаралық дәрўазасы болған Бен-Гурион аэропорты “кейинги ескертиўге шекем” жабылған.

Дүньядағы ең көп адам баратуғын музей, көркем өнер, гөззаллық ҳәм кеңпейилликтиң глобал белгиси болған Лувр 16-июнь күни жабылды. Хабарға бола, жабылыўдың себеби урыс ҳәм террор емес, ал музейдиң шаршаған хызметкерлери екени айтылмақта. Олар мәкемениң “иштен қулап атырғанын” билдирген ҳәм жумыс таслаў жәриялаған. Галерея хызметкерлери, билет сатыўшылар ҳәм қәўипсизлик хызметкерлери басқарып болмайтуғын аламан, хызметкерлердиң созылмалы жетиспеўшилиги ҳәм кәсиплик аўқамының “шыдап болмайтуғын” мийнет шараятларынан наразы.

Россия жылына 113 космослық пәрўазды әмелге асырыў арқалы Қытайды артта қалдырмақшы. Мәмлекет президенти Владимир Путин “Россия космослық жумысын раўажландырыў” миллий жойбарын тастыйықлады. Бул ҳаққында “Роскосмос” басшысы мәлим етти. Жойбарды әмелге асырыў ушын мәмлекетлик бюджеттен 4,5 триллион рубль ажыратылады.

Израиль әскерлери 17-июнь күни Газа жәрдем орайларында кеминде 70 палестиналыны танк снарядлары, пулемётлар ҳәм дронлардан оққа тутып, өлтирди. Ҳәдийсе ақыбетинде және жүзлеген адамлар жарақатланғаны айтылған. Израиль ҳәм АҚШ тәрепинен қоллап-қуўатланатуғын Газа гуманитарлық қорында үш ҳәптеден берли халық қырғынын тоқтатқаны жоқ.

Түркия қорғаныў министри Яшар Гюлер 18-июнь күни Иран менен шегаралас аймаққа жайластырылған әскерлерди көзден өткерди. Министр Ван провинциясындағы Башқала районына барған. Бул Иран ҳәм Израиль арасындағы кескинлик күшейип атырған бир ўақытта әмелге асқан. Израиль 13-июнь күни Иран аймағына ҳүжим шөлкемлестирди, Тегеран болса бул авиаҳүжимге жуўап берди. Жағдай аўыр ҳәм тынышсыз болып қалмақта.

Ирода Жўраева, Улуғбек Тўхтаев, ӨзАның хабаршылары