Жас өспиримлерге жынайый жуўапкершилик және де либералластырылмақта

186

“Жас өспиримлерге байланыслы жынайый жуўапкершилик және де либералластырылыўы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Жынаят кодексине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызам қабыл етилиўи күтилмекте.

Бул нызам менен Жынаят кодексиниң бир қатар статьяларына қосымша ҳәм өзгерис киргизилмекте. Соның ишинде, он сегиз жасқа толғанға шекем ислеген оғада аўыр болмаған жынаяты ушын жазаны өтеп болған адам судланбаған, деп есапланатуғыны белгиленбекте.

Сенаттың Жаслар, ҳаял-қызлар, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитети мәжилисинде усылар ҳаққында сөз болды.

Нызамда жас өспиримлерге байланыслы еркин шеклеўдиң ҳәм еркинен айырыўдың ең аз мүддети алты айдан бир айға шекем қысқартылыўы нәзерде тутылмақта.

Бул нызам жас өспиримлердиң жынайый жуўапкершилигин және де либералластырыўға хызмет етеди ҳәм он сегиз жасқа толғанға шекем ислеген жынаяты ушын жазаны өтеп болған адамға өмирин судланғанлық тамғасынан жырақ тәризде даўам еттириўи ушын шараят жаратады.

Күн тәртибине бола, Министрлер Кабинетине жас өспирим балалардың тәмийнаты ушын алимент өндириў ҳәм төлеў системасын жетилистириў мақсетинде көрилип атырған илажлар бойынша жиберилетуғын парламентлик сораў жойбары көрип шығылды.

Мәжилисте тийисли қарар қабыл етилди.

Н.Абдураимова, ӨзА