Сырт елде ислеў ҳәм оқыў ушын “аңсат” барыўды ўәде етип атырған коньсалтинг фирмаларынан абайлы болың

187

Быйыл Бәсеки комитетине 20 ға шамалас мүрәжат келип түскен. Пуқаралар жумыс ямаса оқыў ўәдеси менен пул төлеген, бирақ хызмет көрсетилмеген ҳәм қаржы қайтарылмаған.

Нызамға бола, сырт елде жумысқа жайластырыў тек ғана лицензиясы бар агентликлер арқалы әмелге асырылыўы мүмкин. Бирақ, көплеген фирмалар лицензиясыз жумыс алып бармақта.

Ирландия, Англия, Дания сыяқлы мәмлекетлерге жумысқа жибериў бәнесинде “EVERYONE CONSULT”, “WORLDVIZA”  ЖШЖларға 112,5 млн сумға тең жәрийма салынған. Сондай-ақ, “RICH RESULT”, “RAVON CONSULT GROUP”, “ADWORLD GROUP”  жумысы бойынша да ҳуқықый илажлар көрилген.

Пуқаралардан фирмалардың лицензиясы бар-жоқлығын https://license.gov.uz арқалы тексериў соралмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги