WSJ: Израильда ракетаға қарсы қорғаныў системалары қыйын жағдайда

219

Израильда ракетаға қарсы қорғаныў системалары таўсылып бармақта, егер келиспеўшилик тез арада сапластырылмаса, мәмлекет Иранның узақ аралыққа мөлшерленген баллистикалық ракеталарына қарсы тура алмай қалыўы мүмкин, деп жазбақта “Wall Street Journal” басылымы.

Хабарда атап өтилиўинше, АҚШ Израильдың ракетаға қарсы қорғаныў системалары менен байланыслы машқалаларынан хабардар.

Американың және бир басылымы “Washington Post” Израильдың ҳаўа қорғаныў системасы және он күн даўамында АҚШтың жәрдемисиз Иран ҳүжимлерин қайтара алады, деп жазды.

Экспертлердиң пикиринше, усы ҳәптениң ақырына шекем Израиль қорғаныў оқ-дәрилерин үнемлеп пайдаланыў режимине өтиў арқалы ракеталардың тек ғана аз бөлегин иркип қалыўы мүмкин.

Қарақалпақстан хабар агентлиги