Ларина Зарина Ашхабадта және бир медальды жеңип алды

257

Алдын хабар бергенимиздей, ҳәзирги күнлери Түркменстан пайтахты Ашхабад қаласында спорттың шахматтың рапид ҳәм блиц бағдарлары бойынша 8,10 ҳәм 12 жасқа шекемги жас өспиримлер арасында халықаралық түрнир болып өтпекте.

Республикамыз спорт жанкүйерлери ушын қуўанышлы тәрепи сонда, бул жарыста Өзбекстан сайланды командасы қурамында 8 жастағы шахматшылар арасында қатнасып атырған жерлесимиз Ларина Зарина бүгин блиц түри бойынша қатнасып, сыйлы 2-орынды ийелеўге миясар болды.


Ал, буннан алдын рапид түри бойынша өткерилген беллесиўлерде барлық қарсыласларын жеңип шығып, алтын медаль ийесине айланған еди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы