Әмелдеги нызамшылыққа муўапық, 2025-2026-оқыў жылынан баслап билимлендириўдиң сыртқы түрине қабыллаў сапластырылды. Бул талап мәмлекетлик жоқары оқыў орынлары ушын да, мәмлекетлик емес (жеке меншик) жоқары оқыў орынлары ушын да бирдей әмел етеди. Сыртқы билимлендириўде оқып атырған жоқары басқыш студентлериниң оқыўын сыртқы түрде даўам еттире бериўи белгилеп қойылды.
Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги мәлимлеме хызметиниң басшысы Назокат Абдуқундузова пуқаралар ҳәм жәмийетшиликтен сыртқы билимлендириў түрин сапластырылыўы бойынша келип түсип атырған сораўларға жуўап берди.
– Сыртқы билимлендириў системасы дәслеп қандай мақсетте енгизилген еди, ол ҳәзирги күнге шекем өзин қаншелли ақлады ҳәм не себептен сапластырылды?
– Сыртқы билимлендириў түри 2018-жылы қайта енгизилген болып, оның тийкарғы мақсети мийнет етип атырған, бирақ жоқары мағлыўматқа ийе болмаған пуқараларға жумыстан ажыралмаған ҳалда билим алыў имканиятын жаратыў еди. Бул система, бәринен бурын, үлкен жастағы адамлар арасында билимлендириўге болған талапты қанаатландырыў, сол арқалы олардың маманлығын арттырыў ҳәм мийнет базарында бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеўге хызмет етти.
Сыртқы билимлендириўдиң қайта шөлкемлестирилиўи нәтийжесинде жаслар ҳәм үлкен жастағы адамлар арасында жоқары билимлендириў менен қамтып алыў сезилерли дәрежеде артты. Бир қатар аймақларда жумыс ислеп атырған пуқараларға билим алыў имканиятының жаратылыўы унамлы социаллық ҳәм экономикалық нәтийжелер берди. Бирақ ўақыттың өтиўи менен бул бағдарда билим алыўдың нәтийжелилиги, академиялық тәртип, сапа қадағалаўы ҳәм билимлердиң тереңлиги, жоқары билимлендириў стандартларына әмел етиў менен байланыслы машқалалар көринди.
Мине, усы себеплерге бола, 2025-жылдан баслап, елимизде жоқары билимлендириўдиң сапасын және де арттырыў, билимлендириў процесинде шәкирт-устаз дәстүрлерин беккемлеў ҳәм әмелий көнликпелерге тийкарланған оқытыў системасын күшейтиў мақсетинде сыртқы билимлендириў түри басқышпа-басқыш сапластырылды.
– Ҳәзирги ўақытта сыртқы билимлендириўде оқып атырған студентлер оқыўын қандай тәртипте даўам еттиреди?
– Сыртқы билимлендириў түрине қабыллаў 2025-2026-оқыў жылынан баслап тоқтатылған болса да, ҳәзирги ўақытта усы бағдарда оқып атырған студентлер ушын барлық оқыў процесслери белгиленген тәртипте даўам еттириледи. Яғный, олар таңлаған бағдарлары бойынша әмелдеги мәмлекетлик билимлендириў стандартлары, оқыў режелери ҳәм пән бағдарламаларына муўапық оқыўды жуўмақлаў имканиятына ийе.
Жоқары билимлендириў мәкемелери усы студентлерге оқыў сабақларын сапалы шөлкемлестириў, зәрүр мәлимлеме-ресурслар ҳәм әмелий сабақлар менен тәмийинлеў бойынша өз мойнындағы жуўапкершиликти толық орынлаўы керек. Бул болса ҳәр бир студент ушын билимлендириўдиң сапасын тәмийинлеў ҳәм қәниге сыпатында жетерли билим ҳәм көнликпелерге ийе болып питкерип шығыўын кепиллейди.
-Сыртқы билимлендириўди тамамлаған қәнигелердиң рәсмий жумысқа қабыл етилиўинде машқала болмай ма? Жумыс бериўшилер тәрепинен бийкар етилиўи мүмкин бе?
– Сыртқы билимлендириў түринде билим алып, белгиленген тәртипте диплом алған шахслар Өзбекстан Республикасы нызамшылығына муўапық толық жоқары мағлыўматлы қәнигелер болып есапланады. Оларға берилетуғын диплом күндизги, кешки яки аралықтан билимлендириў түриндеги дипломлар менен тең юридикалық күшке ийе.
Сол себепли, бундай қәнигелерди мәмлекетлик яки жеке меншик секторда рәсмий жумысқа қабыл етиўде ҳеш қандай ҳуқықый тосқынлық жоқ. Жумыс бериўшилер олардың билимлендириў түрине қарап емес, ал ийелеген билим, көнликпе ҳәм профессионал потенциалына тийкарланып баҳалаўы керек. Сыртқы билимлендириўди тамамлаған қәнигелердиң мийнет базарында бәсекиге шыдамлы болыўы, тийкарынан, олардың әмелий тәжирийбеси, тараўдағы билим дәрежеси ҳәм турақлы өз үстинде ислеўине байланыслы.
-Буннан кейин сыртқы билимлендириў орны қалай толықтырылады? Белгили жумыс орнына ийе абитуриентлер ушын қандай билимлендириў түри усыныс етиледи?
-2025-2026-оқыў жылынан баслап сыртқы билимлендириў түрине қабыллаў тоқтатылған болса да, жумыс ислеп атырған пуқаралардың жоқары билим алыў имканиятлары шекленбейди. Келешекте күндизги билимлендириўге альтернатив формалар, соның ишинде, аралықтан, кешки ҳәм оптималластырылған күндизги (part-time) билимлендириў формалары басқышпа-басқыш раўажландырылып, оларға қабыллаў көрсеткишлери кеңейтилип барылады.
Бул болса белгили жумыс орнына ийе абитуриентлер ушын оқыў ҳәм жумыс ислеўди бир ўақытта алып барыў имканиятын береди. Аралықтан билимлендириў заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланған ҳалда шөлкемлестирилип, студентлерге тиккелей билимлендириў мәкемесине келместен билим алыў имканиятын жаратады.
Соның менен бирге, кешки билимлендириў түринде оқыў жумыстан кейинги саатларда әмелге асырылып, ислейтуғын шахсларға қолайлы графикте билим алыўды тәмийинлейди.
Ҳүкимет тәрепинен бул тараўдағы шөлкемлестириў-ҳуқықый механизмлерди жетилистириў, оқыў бағдарламаларын талапқа бейимлестириў ҳәм билимлендириўдиң сапасын тәмийинлеў бойынша анық илажлар көрилмекте.
-Ҳәзир биринши басқышта күндизги билимлендириўде оқып атырған студент кейинги оқыў жылынан оқыўын сыртқыға көшире ме? Жоқары басқышта оқып атырғанлар ше?
– Студентлердиң арзаларына тийкарланып олардың оқыўын сыртқы билимлендириў түри бар топарларға белгиленген тәртипте көшириў имканияты бар. Онда студентлерден белгиленген мүддет ҳәм тәртипте оқыўын көшириў бойынша дизимнен өтиўи талап етиледи.
-Екинши қәнигелик ушын сыртқы билимлендириў түри сақланып қала ма? Яки онда да жабылды ма?
-2025-2026-оқыў жылынан баслап билимлендириўдиң сыртқы түрине қабыллаўдың толық сапластырылыўы билимлендириўдиң барлық бағдарларына, соның ишинде, екинши қәнигеликке де тийисли. Усы мүнәсибет пенен, екинши қәнигелик бойынша да сыртқы билимлендириў түринде жаңа қабыллаў әмелге асырылмайды. Бул бағдарда билим алыўды қәлеўшилер ушын күндизги, аралықтан яки кешки билимлендириў түрлериниң бар билимлендириў бағдарлары усыныс етиледи. Соның менен бирге, алдынғы жылларда сыртқы билимлендириў түринде екинши қәнигеликке қабыл етилген шахслар билимлендириўди белгиленген тәртипте даўам еттиреди.
– Оптималластырылған күндизги (part-time билимлендириў) билимлендириў түри қандай ҳәм қашаннан жолға қойылады?
– Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигине Билимлендириўдиң сапасын тәмийинлеў миллий агентлиги ҳәм мәпдар республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымлары ҳәм хожалық бирлеспелери менен биргеликте алдынғы сырт ел тәжирийбелерин есапқа алған ҳалда оптималластырылған күндизги билимлендириў түринде кадрлар таярлаў тәртиби бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын ислеп шығыў ўазыйпасы жүкленген.
Оптималластырылған күндизги билимлендириў түри (part-time билимлендириў) студентлерге жумыс орны менен байланыслы жумысты даўам еттирген ҳалда, күндизги билимлендириў системасы тийкарында билим алыў имканиятын беретуғын заманагөй ҳәм қолайлы билимлендириў түри болып, онда билимлендириў процеси ҳәм жумыс искерлиги тең салмақлы түрде алып барылады. Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ислеп шығылғаннан соң, бул билимлендириў түрин енгизиў ҳәм раўажландырыў бойынша анық илажлар әмелге асырылады.
– Аралықтан билимлендириў түрин шөлкемлестириў ушын қандай талаплар бар, ҳәзирги ўақытта неше ЖООда аралықтан билимлендириў түри бар ҳәм оған қайсы абитуриентлер тапсырыўы мүмкин?
-Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 4-октябрьдеги тийисли қарары менен “Жоқары билимлендириў шөлкемлеринде аралықтан билимлендириўди шөлкемлестириў тәртиби ҳаққында”ғы реже тастыйықланған. Бул реже аралықтан билимлендириў түрин шөлкемлестириў ҳәм әмелге асырыў ушын анық талаплар менен нормаларды белгилеп береди.
Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде 21 мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемесинде ҳәм бир қатар мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў шөлкемлеринде тийисли билимлендириў бағдарлары бойынша аралықтан билимлендириў түри нәтийжели жолға қойылған.
2025-2026-оқыў жылында басқа жоқары билимлендириў шөлкемлеринде де аралықтан билимлендириў түри бойынша кадрлар таярлаўды жолға қойыў мақсетинде зәрүр илажлар, соның ишинде, аралықтан билимлендириў платформалары жаратылып, оларды зәрүр контентлер менен толықтырыў жумыслары шөлкемлестирилмекте.
Аралықтан билимлендириў түрине оқыўға кириў улыўма тәртипте әмелге асырылып, абитуриентлерден қосымша миннетлемелер талап етилмейди.
ӨзА