Apple компаниясы 2025-жылғы WWDC (Worldwide Developers Conference)  көргизбесинде AirPods қулақшынлары ушын сезилерли жаңаланыўларды жәриялаўы күтилмекте. Жаңа функция ҳәм имканиятлар қулақшынларды және де ақыллы ҳәм көп функциялы гаджетке айландырады. Apple инженерлери AirPods қулақшынларына пайдаланыўшының уйқы жағдайын анықлаў имканиятын бериўши жасалма интеллект тийкарындағы технологияны енгизбекте. Усы жаңалық себепли пайдаланыўшы уйқылап қалғанында қулақшынлар оны анықлайды ҳәм музыканы ямаса аудиокитапты автомат түрде тоқтатады. Бул болса тек ғана қолайлылық емес, ал энергия жумсалыўын да азайтыўға хызмет етеди.

Жаңа функция жүрек соғыў ритми, ҳәрекетсизлик жағдайы ҳәм басқа биометрикалық белгилер арқалы пайдаланыўшының уйқылап қалғанын анықлайды. Бул имканият Apple экосистемасындағы басқа қурылмалар – мәселен, iPhone ямаса Apple Watch пенен биргеликте және де нәтийжели ислейди.

Және бир итибарлы жаңалық – AirPods арқалы iPhone ямаса iPad камерасын басқарыў функциясы. Енди пайдаланыўшы AirPods аяғына (stem) жеңил тийиў арқалы аралықтан турып сүўретке түсиўи мүмкин болады. Бул функция, әсиресе, селфи алыў, топар менен сүўретке түсиў ямаса штативтен пайдаланғанда жүдә қолайлы.

Бундай жаңалықлар Apple компаниясының AirPods қулақшынларын тек ғана музыкаға мөлшерленген гаджет емес, ал пайдаланыўшының турмысын әпиўайыластыратуғын ақыллы қуралға айландырыў жолында қәдем таслап атырғанын көрсетеди.

Мадинабону НАСРИЕВА, Анвархўжа АҲМЕДОВ, ӨзАның хабаршылары