Халық аралық дайджест (+видео)

258

Иран ҳүкимети дәлдалшылар арқалы Израиль ҳәм АҚШтан әскерий ҳәрекетлерди жеделлик пенен тоқтатыўды сорады. Бул ҳаққында Жақын Шығыс ҳәм Европа рәсмийлерине сүйенип The Wall Street Journal хабар берди. Рәсмийлердиң мәлим етиўинше, егер АҚШ Израильдың ҳүжимлерине қатнаспаса, Иран Вашингтон менен ядролық сөйлесиўлерди қайта баслаўға таяр. Иран, сондай-ақ, Израильге зорлықты тоқтатыў ҳәр еки тәрептиң мәплерине сәйкес келетуғынын билдирген.

Россияда президент Владимир Путинниң тапсырмасына бола 7 жастан үлкен балалар ушын дронларды басқарыў бойынша жарыслар өткериледи. 2026-жылдан баслап өткерилетуғын балалар ушын Пүткилроссия жарыслары “Келешек ушыўшылары” деп аталады. Путин тапсырмасына бола, бундай жарысларда қатнасыў ушын минимал жас 10 жастан 7 жасқа түсириледи. Қатнасыўшыларға “дронлар жарысы” спорт түри бойынша атақ ҳәм разрядлар бериў жолға қойылады.

Россия 17-июньға өтетуғын түнде Украина пайтахты Киевке дронлар менен кең көлемли соққы берди. Ўақыя ақыбетинде 14 адам қайтыс болды. Мәлим етилиўинше, ҳәдийсе ақыбетинде 40 тан аслам адам жарақатланған. Соломенский районындағы еки турақ жай имараты зыянланған, олардың кеминде биреўинде өрт келип шыққан, екиншисинде болса имарат конструкциялары ўайран болған. Қутқарыўшылар бүлинген жерлер астынан адамларды излеў жумысларын алып бармақта.

Бразилияда еки жасар бала әкесиниң қуралы менен ойнап, тосаттан анасына оқ атты. Ўақыя ақыбетинде 27 жастағы Дебора Родригес қайтыс болды. Оқ даўысынан кейин ҳаял шок жағдайында, орнынан турып, денесиндеги жарақатларды көзден өткерген. Ол бир неше адым жүрди де, жығылды. Оның өмирлик жолдасы биринши жәрдем көрсетиўге урынған. Ҳаял емлеўханаға алып кетилген, бирақ шыпакерлер оның өмирин сақлап қала алмаған.

Израил бас министри Биньямин Нетаньяху Иран жоқары басшысы Хоманаийдиң өлтирилиўи мәмлекет пенен келиспеўшиликке шек қоятуғынын айтты. Нетаньяхудың айтыўынша, Ислам республикасы “Жақын Шығыстағы ҳәммеге қорқыныш салмақта ҳәм дүньяны ядро урысы жағасына алып келмекте”. Израиль болса “жаўызлық күшлерине қарсы турыў арқалы бул агрессияға шек қойыў нийетинде”.

Ҳиндстанның Нагпур қаласында IndiGo авиакомпаниясына қараслы самолёт бортта бомба бар екенлиги ҳаққындағы қәўип себепли дәрҳал жерге қондырылды. Мәлим етилиўинше, самолёт Кочи қаласынан пайтахт Нью-Делиге ушып баратырған болған. Жолаўшылар айрықша жағдайдан кейин эвакуация етилген. Самолёт тексериўден өткерилген, бирақ гүманлы предметлер анықланбаған. Ҳәзирги ўақытта бомба ҳаққындағы мағлыўмат дәреги ҳәм қәўиптиң исенимлилиги бойынша тергеў алып барылмақта.

Ирода Жўраева, Улуғбек Тўхтаев, ӨзАның хабаршылары