Халыққа қолайлы дем алыў орайы ашылды

259

Нөкис районы “Саманбай” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жаңадан шөлкемлестирилген “Нурылла ата” дем алыў орайының салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.

Ашылыў салтанатына Нөкис районы ҳәкими З.Зайтов, шөлкем ҳәм  кәрханалардың басшылары менен аймақ турғынлары қатнасты.

Илажда район ҳәкими шығып сөйлеп, соңғы жыллары елимизде исбилерменликти раўажландырыў, инвестициялық орталықты жақсылаў ҳәм халыққа қолайлы инфраструктуралар жаратыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға тоқтап өтти.

Илаж шеңберинде дем алыў орайының дәстүрий лентасы кесилип, қатнасыўшылар орайда жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

Жаңа дем алыў орнында жасы үлкенлер ҳәм балалар ушын мөлшерленген шомылыў бассейнлери, балық аўлаў көллери, шаңарақ ағзалары менен биргеликте аўқатланыў орынлары сыяқлы қолайлықлар жаратылған. Сондай-ақ, бул орайда 8 пуқараның бәнтлиги тәмийинленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги