Дийқан мийнетиниң нәтийжеси, халқымыздың ырысқы несийбеси болған ғәлле орым-жыйыны республикамыздың барлық жерлеринде алып барылмақта. Солардың қатарында бул мапаз Нөкис районындағы фермер хожалықларында да шөлкемлескенлик пенен басланды.
Райондағы фермер хожалықлары тәрепинен 5500 гектар майданға бийдай туқымы егилген болып соннан, 1272 гектар майданы туқымлық бийдай есапланады. Оған Краснодар-99, Восторг, Элита, Дурдана, Давр ҳәм тағы басқа сортлар егилген.
Ҳәзирги ўақытта ғәлле орым-жыйыны мәўсимине 14 отряд шөлкемлестирилген болып, бийдай орыў ҳәм дән қабыллаў пунктине тасыўда 50 техника қатнастырылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги