«Дийқан арна» да аўыллық шыпакерлик пунткти бой тиклемекте

251

Президент қарары ҳәрекетте

Мәмлекетимиз басшысының  2021-жыл 18-сентябрьдеги “Ислам раўажланыў банки ҳәм ОПЕК халықаралық раўажланыў қорының қатнасыўында “Аўыллық жерлерди турақлы раўажландырыў” жойбарын әмелге асырыў илажлары ҳаққында”ғы қарарының орынланыўы шеңберинде Нөкис районында кең көлемли дөретиўшилик жумыслары алып барылмақта. Буны “Дийқан арна” мәкан пуқаралар жыйынында қурылып атырған заманагөй аўыллық шыпакерлик пункти мысалында да көриў мүмкин.

Жойбар ушын 3 миллиард 40 миллион сум қаржы ажыратылған болып, қурылыс жумыслары “Шорахонқурилишмонтаж” ЖШЖ тәрепинен әмелге асырылмақта.

Ҳәзирги ўақытта қурылысшылар имараттың ишки бөлегин бояў, пардозлаў, әтирапты абаданластырыў сыяқлы жумыслар менен бәнт.

Мағлыўмат орнында айтып өтиў керек, 4 мың 300 ден аслам халық жасайтуғын мәҳәлледе буннан алдын шыпакерлик пункти болмағаны себепли, пуқаралар 10-12 километр аралықтағы медициналық орайға барыўға мәжбүр еди.

Жойбар тийкарында районда 8 мәнзилде социаллық объектлер қурылыўы белгиленгенлигин атап өтиў керек.

                                                                             Қарақалпақстан хабар агентлиги

ӨзАның фотохабаршысы Мақсет Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери