Тақыятаслы шахматшы Ашхабадта жеңимпаз атанды

299

Ҳәзирги күнлери Түркменстан пайтахты Ашхабад қаласында шахматтың рапид ҳəм блиц түринен 8, 10 ҳəм 12 жасқа шекемги жас өспиримлер арасында халықаралық түрнир болып өтпекте.

Бул жарысқа Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасып атырған тақыятаслы жас шахматшы Ларина Зарина рапид түри бойынша қарсыласларын жеңип шығып, турнир жеңимпазына айланды.

Енди жас талант ийеси Ларина Зарина шахматтың блиц түри бойынша өткерилетуғын жарысқа қатнасады. Спортшымызға бул жарыста да әўмет яр болыўын тилеп қаламыз.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы