Уллы Британияда Өзбекстан мәденияты ҳәм миллий тағамлары фестивалы болып өтеди

Лондон көшелеринде “Өзбекстанға хош келдиңиз” деген жазыўлы баннерлер менен безелген еки қабатлы автобуслар пайда болды.
Бул акция Өзбекстанның Уллы Британиядағы елшиханасының басламасы менен 21-22-июнь күнлери белгили “Tower Bridge” майданында болып өтетуғын “Өзбекстан мәденияты ҳәм миллий тағамлары” фестивалы шеңберинде шөлкемлестирилген.
Бул илаж британиялыларды Өзбекстанның бай мәдений мийрасы, туристлик имканиятлары ҳәм миллий тағамлары менен таныстырыўға қаратылған. “Өзбекстан кәрўаны” атамасындағы мәдений-гастрономиялық марафон ҳәзирге шекем Лондон, Эдинбург, Манчестер, Ливерпуль, Кардифф ҳәм Оксфорд қалаларында өткерилди. Фестиваль шеңберинде халық өнерментшилигине байланыслы презентациялар, фольклор жәмәәтлериниң шығыўлары, миллий тағамлардың дегустациясы ҳәм Өзбекстанның түрли аймақларын сәўлелендиретуғын көргизбелер шөлкемлестириледи.
Бундай басламалар мәдений дипломатияны раўажландырыўға ҳәм Орайлық Азия тарийхы ҳәм өзине тән мәдениятына қызығатуғын туристлерди тартыўға хызмет етеди.
Азиза Алимова, ӨзА