Ҳаял-қызлар исбилерменлиги тараўындағы бирге ислесиўдиң әҳмийетли тәреплери көрип шығылды

212

Олий Мажлис Сенатына Малайзия халықаралық исбилермен ҳаял-қызлар ассоциациясының президенти Норазизаҳ бинти Борхан келди.

Сенаттың Жаслар, ҳаял-қызлар, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитетиниң баслығы Орзигул Қазыханова менен ушырасыўда жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың ҳәр қыйлы тараўлардағы ҳуқықлары менен имканиятларын кеңейтиў бойынша тийкарғы мәселелер додаланды.

Сондай-ақ, тәреплер ҳаял-қызлар исбилерменлиги тараўындағы бирге ислесиўдиң әҳмийетли тәреплери ҳәм келешекке белгиленген режелерин де көрип шықты.

Сенаторлар мәмлекетимиз басшысының исенимли сиясий ерк-ықрары себепли мәмлекетте кең көлемли реформалар табыслы әмелге асырылып атырғанын атап өтти.

Бул өзгерислер мәмлекеттиң сиясий-ҳуқықый тийкарын беккемлеў, ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў және оларға қолайлы шараят жаратыўға қаратылған.

Н.Борхан мәмлекетте әмелге асырылып атырған демократиялық реформаларды қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди ҳәм ҳаял-қызлардың исбилерменлик жумысында қатнасыўын кеңейтиў ҳәм олардың экономикалық имканиятларын арттырыўда Өзбекстанның роли артып атырғанын атап өтти.

Ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыў бағдарламалары ҳәм жойбарларын әмелге асырыў ушын Малайзия ҳәм Өзбекстан арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Норгул АБДУРАИМОВА, ӨзАның хабаршысы