Жазғы бизнес дем алыў орайы шөлкемлестирилди
243

Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында “Әҳмийетли 90 күнлик” бағдарламасы шеңберинде Summer Business Camp (Жазғы дем алыў орайы) шөлкемлестирилди.
Дем алыў орайын шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет – Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Әҳмийетли 90 күнлик” бағдарламасы шеңберинде оқыўшылардың жазғы дем алыс ўақытларын мазмунлы ҳәм пайдалы өткериўден ибарат.

Summer Business Camp (жазғы бизнес дем алыў орайы) та оқыўшылар ушын кәсипке бағдарлаў ҳәм бизнес сырларын үйретиў мақсетинде тәжирийбели спикерлер менен ушырасыўлар ҳәм бизнес тренинглер өткереди, бизнес субъектлериниң жумыслары менен жақыннан танысыў мақсетинде “бизнес саяхат”лар шөлкемлестириледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги