Республикамыз ўәкили жеңимпаз болды

252

Нөкис қаласы «Дослық» каналы бойындағы Жаслар майданшасында «Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде спорттың Street Workout түринен Өзбекстан Республикасы финал басқышы болып өтти.

Бул жарысқа елимиздиң барлық аймақларынан ең күшли спортшылар қатнасты.

Жарыстың ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Спорт министри Е.Қутыбаев, Өзбекстан Республикасы Спорт министрлигиниң жуўапкер ўәкили Д.Шамсутдиновлар қатнасып, барлық қатнасыўшыларға табыслар тиледи.

Қызғын беллесиўлерге бай болған жарыс жуўмағында, белгиленген тапсырмаларды анық ҳәм тез орынлаўға ерискен республикамыз ўәкили С. Юлдашев биринши орынды ийелеўге миясар болды.

Ал, сыйлы екинши ҳәм үшинши орынлар Ташкент ҳәм Хорезм ўәлаятларынан  Д.Турдалиев ҳәм Ж.Гулимматовларға несип етти.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы