Жоқары маманлықтағы спорт кадрларын таярлаў, жаңа әўлад спортшы ҳәм тренерлерин жетистириў арқалы мәмлекетимиздиң спорттағы жетискенликлерин жаңа басқышқа алып шығыў, денетәрбия ҳәм спорт тараўында оқыў ҳәм илимий-изертлеў процесин халықаралық стандартлар тийкарында шөлкемлестириў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жылдағы тийисли қарарына тийкарланып Өзбекстан мәмлекетлик спорт академиясы шөлкемлестирилди.
Усы жылдан өз жумысын баслаған Спорт академиясы 2025-2026-оқыў жылы ушын ҳүжжет қабыллаўды баслайды. Академия мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемеси статусына ийе болып, өз жумысында Өзбекстан Республикасы Спорт министрлигине бойсынады. Студентлерди қабыллаў параметрлери республикадағы басқа да жоқары билимлендириў мәкемелери ушын белгиленген мәмлекетлик буйыртпа шеңберинде әмелге асырылады.
Студентлер контингенти, тийкарынан, олимпиада ҳәм паралимпия спорт түрлерине таярлаў орайларында қәлиплесип атырған спорт түрлери бойынша, соңғы бир жыл ишинде жәҳән, Азия ҳәм Өзбекстан чемпионатларында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелеген олимпиада ҳәм паралимпия колледжлериниң питкериўшилери, сондай-ақ, улыўма орта, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелериниң питкериўши жаслары арасынан селекция тийкарында таңлап алынады.
Академияны тамамлағанларға Өзбекстан Республикасында жоқары мағлыўмат ҳаққындағы ҳүжжет сыпатында тән алынатуғын диплом бериледи. Студентлер республикадағы спорт ҳәм ғалабалық денетәрбия илажларының календарь режесине муўапық өткерилетуғын республикалық жарысларда тиккелей қатнасыў ҳуқықына ийе болады.
Спорт бағдарларында билим алып атырған студентлер жасаў орны ҳәм азық-аўқат пенен арнаўлы нормативлер тийкарында, яғный, олимпиада ҳәм паралимпия спорт түрлерине таярлаў орайларының стандартларына муўапық тәмийинленеди.
Питкериўшилерге тренерлик жумысы менен шуғылланыў ушын 6 жылға әмел етиўши маманлық сертификаты бурынғысынан басқаша тәризде тиккелей бериледи.
Академияны тамамлаған Өзбекстан Республикасы пуқаралары Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги тәрепинен Миллий кадрлар резервине, үш жыллық жумыс стажына ийе болғаннан кейин – қәнигелиги бойынша басшылық лаўазымларына тайынланатуғын перспективалы талабанлар дизимине киргизиледи.
Академияда шет тиллери ҳәм Өзбекстан тарийхы тереңлестирилген тәртипте үйретиледи. Усы мақсетте Мәлимлеме-китапхана орайы және Тарийх ҳәм шет тиллерин оқытыў орайы шөлкемлестирилген.
Олимпиада ҳәм паралимпия колледжлериниң питкериўшилери тиккелей екинши басқышқа қабыл етиледи.
Нигора РАҲМОНОВА,
ӨзА хабаршысы