Пайтахтымыздағы “Дослық” каналы бойында Қарақалпақстан Республикасы шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети , “Өнермент” бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм  Нөкис қаласы ҳәкимлиги менен биргеликте  “Миллий кийимлер” көргизбе-ярмаркасы шөлкемлестирилди.

Илаж шеңберинде, миллетлер аралық татыўлық, дослықты беккелеў, халқымыздың әзелий қадириятларынан бири болған кестешилик,  миллий кийимлер, гүл басылған гезлемелер, естелик буйымлары,  әпиўайы металдан зергерлик буйымларын таярлаў, қолда гилем тоқыў ҳәм басқада түрдеги өнимлерден ибарат  өнерментлер  көргизбеси усынылды.

Сондай-ақ, өнерментлердиң миллий кийимлер мода көргизбеси,  қол мийнетлери менен исленген өнимлериниң саўда-ярмаркасы ҳәм кестеленген өнимлер таңлаўы, тәжирийбели өнерментлердиң шеберлик сабақлары да шөлкемлестирилди. Әсиресе, устаз-шәкирт принципи тийкарында алып барылып атырған мийнетлердиң жемиси илажда көзге тасланып турды.











-Бундай илажлардың өткерилиўи биз өнерментлердиң бир-биримиз бенен тәжирийбе алмасыўымызға тийкар жаратады. Әсиресе, ата-бабаларымыздан мийрас болып қалған  қол өнерментшилиги, кестешилик, миллий нағысларды  еле де үйренип, заманагөйлестирип, халқымызға жеткерип бериў биз өнерментлердиң тийкарғы ўазыйпасы есапланады. Бул бағдарда биз устазлардан еле де үйренетуғынларымыз көп,-дейди илажда биринши орынға ылайық деп табылған өнермент Меҳрибан Жуманиязова.

Илаж соңында  көргизбе-ярмарка шеңберинде шөлкемлестирилген таңлаў жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери