Женева қаласында Олий Мажлис Сенаты Баслығы, Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳәм мүнәсип мийнет мәселелери бойынша комиссия баслығы  Танзила Норбоева “Better Cotton” халықаралық шөлкеминиң бас директоры Алан Макклей  менен ушырасты.

Онда Өзбекстанда “Better Cotton” бағдарламасын әмелге асырыў процесслери ҳәм  бул бағдардағы  бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелери додаланды.

“Better Cotton” бағдарламасының тек сертификатластырыў қуралы емес, ал экологиялық, социаллық ҳәм мийнет әмелиятларын жақсылаўға хызмет ететуғын платформа сыпатындағы әҳмийетине айрықша  итибар берилди.

Бағдарламада қатнасыў арқалы Өзбекстан ислеп шығарыўшылары ушын дүнья базарларына шығыў имканиятларының кеңейиўи ҳәм мәмлекеттиң тоқымашылық өнимлери тараўында жуўапкершиликли  жеткерип бериўши сыпатындағы  абырайы беккемленетуғыны атап өтилди.

Өзбекстанда “Better Cotton” бағдарламасы қамтып алыўын кеңейтиў перспективалары додаланды. Бүгинги күнде бағдарлама дерлик 30 мың тонна пахта шийки затын жетистиретуғын 6 кластерди қамтып алған.

Тәреплер шерикликти және де тереңлестириўге таяр екенин билдирди.

Н.Абдураимова,ӨзА