Женевада өтип атырған Социаллық әдиллик бойынша Глобал коалицияның форумы шеңберинде «Бирге ислесиўшилердиң сәўбети – инсан ҳуқықлары экономикасы» темасында болып өткен панельди додалаў бойынша  Сенат Баслығы Танзила Норбоева рәсмий баянат  пенен қатнасты.

Сенат баслығы Өзбекстан Президентиниң басламасы менен турмысқа енгизилип атырған «Өзбекстан – 2030» стратегиясы шеңберинде  инсан ҳуқықларын тәмийинлеў, социаллық  әдилликти  беккемлеў ҳәм ҳәр бир пуқараға мүнәсип турмыс шараятларын жаратыўға айрықша итибар қаратылып атырғанын атап өтти.

Баянатта экономикалық ҳәм социаллық сиясат  пуқаралардың мәплерине хызмет етиўи, инсан ҳуқықлары болса инклюзив ҳәм турақлы  экономиканың негизине айланыўы керек екенлиги айрықша атап өтилди.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан инсан потенциалын раўажландырыў, коррупцияға қарсы гүресиў, нәтийжели басқарыў ҳәм экологиялық турақлылыққа  ерисиўди тийкарғы үстинлик деп биледи. Бул принциплер инсан ҳуқықларына тийкарланған экономика  процеси менен  сәўлелендириледи.

Соңғы жыллары Өзбекстан мийнет ҳуқықлары тараўында әҳмийетли нәтийжелерге еристи. ХМШның барлық тийкарғы ҳәм айрықша конвенциялары ратификацияланды. 2023-жылы қабыл етилген жаңа Конституция ҳәм Мийнет кодексинде усы халықаралық стандартлар өз көринисин тапқан. Әсиресе, ҳаял-қызлар, жаслар ҳәм әззи топарлардың мәплерин қорғайтуғын жәмәәтлик келисим институты күшейтилди.

Сондай-ақ, социаллық қорғаўға тек ғана жеңиллик емес, ал фундаментал ҳуқық сыпатында қаралып атырғаны атап өтилди. ХМШ менен биргеликте ислеп шығылған “2030-жылға шекем социаллық қорғаў бойынша миллий стратегия” универсаллық қамтып алыў, социаллық хызметлер, социаллық қамсызландырыў ҳәм мийнет базарындағы жедел илажларды нәзерде тутады.

Баянат жуўмағында инсан ҳуқықлары принциплерин глобаллық финанслық басқарыў системаларына терең интеграциялаў зәрүр екенлиги атап өтилди. Бундай қатнасық Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў ҳәм “ҳеш ким итибардан шетте қалмаўы” принципин әмелге асырыўда әҳмийетли орын тутады.

Илаж даўамында БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқары комиссары басқармасы соңғы жылларда Өзбекстанда инсан ҳуқықлары тараўында ерисилген унамлы тәжирийбени атпа өтти.

Өзбекстан бирге ислесиўге таяр екенин, тәжирийбе алмасыўға ашық екенин ҳәм ҳәр бир сиясат, бюджет ҳәм реформа инсан ҳуқықларын есапқа алған ҳалда ислеп шығылыўы керек, деген исенимли позициясын және бир мәрте тастыйықлады.

***

Женеваға сапары шеңберинде Сенат Баслығы, Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳәм мүнәсип мийнет мәселелери бойынша миллий комиссияның баслығы Танзила Норбоева ХМШтың Халықаралық мийнет стандартлары департаментиниң директоры Корин Варга менен ушырасты.

Онда Өзбекстан халықаралық мийнет конвенцияларын ратификациялаў бойынша системалы жумысларды алып барып атырғаны атап өтилди. Соның ишинде, бүгинги күнге шекем 25 конвенция ҳәм 1 протокол ратификацияланған.

Быйылғы сапар етиў жуўмақлары бойынша ХМШ департаментиниң усынысларын есапқа алған ҳалда арнаўлы “жол картасы” ислеп шығылатуғыны атап өтилди. Өзбекстанда мүнәсип мийнет бойынша 2021-2025-жылларға мөлшерленген мәмлекетлик бағдарламаны әмелге асырыў шеңберинде барлық режелер, соның ишинде, мийнет инспекциясы институтын буннан былай да раўажландырыў бойынша ўазыйпалар орынланбақта.

К.Варга Өзбекстанның  мийнет ҳуқықларын тәмийинлеўде ерискен жетискенликлерин жоқары баҳалады. Өзбекстан ХМШтың халықаралық стандартларға садықлығын көрсетип атырған исенимли шеригине айланғаны атап өтилди. Өзбекстан мийнет инспекциясы системасы басқа мәмлекетлер ушын үлги бола алатуғыны ҳәм ХМШ ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўды даўам еттириўге таяр екени атап өтилди.

 

Н.Абдураимова,

ӨзА