“Uzbekistan Airways” Ташкент-Тел-Авив рейслерин ўақтынша тоқтатты
200

Тел-Авив халықаралық аэропортында ҳаўа аймағынан пайдаланыўға қойылған шеклеўлер мүнәсибети менен “Uzbekistan Airways” 2025-жыл 16-июньнен 30-июньге шекем Ташкент-Тел-Авив-Ташкент жөнелисиндеги барлық рейслерди ўақтынша бийкарлады.
Бийкар етилген рейслер ушын авиабилетлер мәжбүрий түрде қайтарып алыныўы ямаса кейинги сәнелерге бийпул қайта бронластырылыўы мүмкин.
Сондай-ақ, Иран ҳаўа аймағынан пайдаланыў бойынша енгизилген шеклеўлер себепли, компания 15-июньнен 30-июньге шекем Ташкент – Дубай ҳәм Ташкент – Шарм-ал-Шейх жөнелислериндеги рейслердиң кестесине өзгерислер киргизди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги