АҚШ Президенти туўылған күнин әскерий парад пенен белгиледи

Америка Қурама Штатларында Президент Дональд Трамптың сиясатына қарсы митинглер болып өтип атырғанына қарамастан, 79 жасты қарсы алған Ақ үй басшысы туўылған күнин әскерий парад пенен белгиледи.
Сондай-ақ, Трамп әйне усы ўақытта мәмлекет армиясы дүзилгениниң 250 жыллығына бағышланған ғалабалық парад өткерди.

Бул 1991-жылы АҚШ армиясы биринши Персия қолтығы урысынан қайтқаннан кейинги жеңис парадынан кейинги ең ири усындай мәресим болды. Илажда жетекши биринши ханым Мелания Трамп пенен бирге көринис берген. Олардың қасында Министрлер Кабинетиниң бир неше ағзасы, соның ишинде қорғаныў министри Пит Хегсет те бар еди.

Вашингтон естелиги жанында жыйналған Президент тәрепдарлары, әскерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары «туўылған күниңиз бенен, мырза Президент», – деп жырлаған.
Паратда 150 әскерий техника қуралы ҳәм 6600 әскер қатнасқан, бир неше тарийхый урыс дәўириндеги қураллар көрсетилген.

Мәресим қәрежети 45 миллион долларды қураған. Бул қаржының бир бөлеги Трамптың, қалғаны қайырқомлық дәреклери есабынан қапланған.

Америка басшысы армияның жаўынгерлик руўхы ҳәм мәртлиги ҳаққында мақтанышқа толы баянат жасады.
С.Поёнов, ӨзА