Оқыўшылар ушын мазмунлы саяхат
192

Өзбекстан Республикасы Президентиниң басшылығында өткерилген видеоселектор мәжилисинде белгиленген тийкарғы ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде “Әҳмийетли 90 күн” жойбары шеңбериндеги илажлар даўам етпекте.
Қанлыкөл районындағы 4-санлы ҳәм 10-санлы улыўма орта билим бериў мектеплериндеги оқыўшылардың аймақта жайласқан кәрханаларға саяхаты шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, Шоманай районы аймағында жайласқан «Шоманай ЭКОТЕКС» ЖШЖ кәрханасына 9-класс оқыўшылары алып барылды.


Саяхат даўамында оқыўшылар кәрхананың жумыслары менен танысты ҳәм оқыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды
Қарақалпақстан хабар агентлиги