Мәжилисте Президент Администрациясының қадағалаў инспекциясының жумысы сын көзқарастан көрип шығылды.

“Қадағалаў инспекциясына неге сонша ўәкиллик берилген? Министрлерге жақсы көриниў ушын, олар не берсе, соны көтерип келместен, мәселелерди үйренип, айыпкерлерди жазалаў бойынша неге усыныс киргизбейди?,”

– деди мәмлекетимиз басшысы.

Жумысындағы кемшиликлер ҳәм машқалаларды есапқа алып, Президент Администрациясының қадағалаў инспекциясын бүгин-ақ сапластырыўға қарар етилди.

Сонлықтан орынлаў тәртибин беккемлеў, халықтың машқалалары менен ислесиў бойынша пүткиллей жаңа система жаратылатуғыны белгиленди.

Буннан былай атқарыў тәртибине Есап палатасы жуўапкер болады, оның ўәкилликлери кеңейтиледи.

Ендигиден былай, Есап палатасы қарарлар менен берилген қаржыларды тек ғана дурыс жумсалыўын емес, ал не нәтийже бергени, халық буннан қаншелли разы болғанын да үйренеди.

Палата баслығы ҳәр бир қарардың орынланыў нәтийжелилигин таллап, әззи ноқатлар, “арбасын тартпай атырған” басшылар ҳәм ислемей атырған системалар бойынша өз усынысын ҳәр айда Президентке киргизеди.

ӨзА