Өткен ҳәптеде Ташкенттеги форумға келген инвесторлар Өзбекстанға инвестиция киргизиўге және де үлкен қызығыўшылық билдирди, 30,5 миллиард долларлық саўда ҳәм инвестиция шәртнамаларына қол қойылды

Быйылғы жылғы бағдарлама шеңберинде және 26,5 миллиард доллар инвестиция болыўы, 1-сентябрьге шекем 3,3 миллиард долларлық 35 ири жойбар сөзсиз иске қосылыўы шәрт екени атап өтилди.
Халықаралық финанс шөлкемлериниң қаржысы есабынан қурылып атырған жол, суў, электр бойынша 3-5 жыллап созылып атырған жойбарлар бар екенлиги көрсетип өтилди.
Атап өтилгениндей, логистика орайларын қурыў ушын 2019-жылы Азия раўажланыў банкинен алынған 197 миллион доллар бойынша қайта-қайта тендер өткериўге шек қойылғанында, еле басланбаған жумысқа 200 мың доллар қарыз проценти төленбейтуғын еди.
Суў, экология ҳәм аўыл инфраструктурасына тартылған қаржылар бойынша 6 миллион доллар қарыз процентлери өз ўақтында тәмийинленгенде, басқа бирде-бир жойбар кешикпес еди.
Қарақалпақстан хбар агентлиги