Мәселен, суйылттырылған газ жеткерип бериўде 60-70 күнге шекем үзилис бақланбақта. Әсиресе, Әндижан ҳәм Сурхандәрьяда мүрәжатлардың 70 проценти усы мәселеге байланыслы.
“Ыссы күнлерде газде сонша машқала болса, қыста адамлар қазанын неде қайнатады? Басшыларға соңғы ескертиў: бул мәселеге еки ҳәптеде шешим тапсын, болмаса өзи билип орнын босатып қойсын.”
– деди Президентимиз.
Және бир мәселе – жаздың басланыўы салыстырмалы салқын келди. Бирақ буннан кейин күнлер әдеўир ысып, электрден пайдаланыў артады. Еки ай алдын Энергия нәтийжелилиги агентлиги шөлкемлестирилип, бюджеттен 100 миллиард сум берилди.
Энергетика министрлиги ҳәм агентликке министрлик, ҳәкимлик ҳәм мәмлекетлик кәрханалардың айлық тутыныўы 500 киловатт сааттан жоқары болған хызметкерлердиң дизимин қәлиплестиреди. Бул хызметкерлерге энергия үнемлеўши технологияларға өтиў ушын “жасыл оңлаў” кредити ямаса субсидия алыўға жәрдем бериледи. Зәрүр болса, бюджеттен тысқары қорынан ссуда берилиўи мүмкин.
Соның есабынан жылдың ақырына шекем тутыныўы жоқары болған кеминде 100 мың шаңарақ энергия нәтийжели системаға өтиўи зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги