Ақ қуў комплексинде халықаралық инвестиция форумы өткерилди

226

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң басламасы менен усы жылдың 10-12-июнь күнлери мәмлекетимиз пайтахты Ташкент қаласында «Ташкент халықаралық инвестиция форумы» болып өткен еди.

Форум шеңберинде өткерилген сессияда Президентимиздиң жәрдемшиси Саида Мирзиёева инвесторларды Қарақалпақстан аймағына келип, республиканың үлкен потенциалын өз көзлери менен көриўге ҳәм кең имканиятлар көлемин баҳалаўға мирәт етти.

Нөкис қаласындағы Ақ қуў комплексинде усы форумның даўамы сыпатында Қарақалпақстанның инвестициялық потенциалын таныстырыўға арналған халықаралық инвестиция форумы өткерилди.

Форумда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, ҳүрметли Президентимиздиң айрықша итибары менен Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў, инвестициялық тартымлылықты арттырыў бойынша айрықша қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлары тийкарында жаратылған имканиятларды кең түрде атап өтти.

Өткерилген форумда республикамыздың инвестициялық тартымлылығы, жаңа жойбарларларды әмелге асырыў бойынша бар имканиятлар, ресурслар потенциалы ҳәм басқа да әҳмийетли бағдарлар ҳаққында кең түрде түсиниклер берилди.

Сондай-ақ, өткерилген форум шеңберинде комплекс аймағындағы шөлкемлестирилген арнаўлы павильонда Қарақалпақстанда ислеп шығарылған өнимлер көргизбеси жыйналғанлар нәзерине усынылды.
-Форум елимизде бар имканиятларды додалаў, исбилерменлик байланысларын орнатыў ҳəм биргеликтеги жойбарларды əмелге асырыў ушын өзине тəн майданға айланды,-дейди Қарақалпақстан Республикасы инвестициялар, санаат ҳәм саўда министриниң орынбасары Акмал Камалов.

Буннан соң форум қатнасыўшылары «QORAQALPOQ BASALTWOOL» кәрханасы, сондай-ақ, И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде болып, республикамыздың санаат, туризм бағдарларындағы имканиятлары менен жақыннан танысты.

Илажда Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги