Қыйтақ жер – халық ушын қосымша дәрамат дәреги. Әсиресе, ерте мәўсимде егис жумыслары басланып, жаздың дәслепки күнлеринен-ақ палыз өнимлери писип жетилип, базарда жоқары талапқа ийе болады.

Буны жақсы аңлаған Беруний районындағы Бийбазар аўыл пуқаралар жыйынында ҳәр бир шаңарақ өз қыйтақ жеринде мийнет етип, өнимди биринши болып ишки базарға шығарыўға умтылмақта.

18 сотих жер майданына ийе Ш.Бабажанова да ерте бәҳәрден палыз өнимлерин егип, ҳәзирги күнге келип оларды ишки базарға биринши жеткерип бериўшилерден бирине айланған. “Мийнетке жараса дәрамат,” деп бийкарға айтпайды – оның ерте писер картошкасы шаңарақ ушын мүнәсип дәрамат дәреги болмақта. Қыйтақ жерде жумыс ислеў сырларын жақсы өзлестирген Шарифа апа жыл даўамында еки-үш мәрте зүрәәт алыўға ериспекте, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.

Бийбазар АПЖ аймағында 7000 нан аслам халық жасайды. Олар тийкарынан дийқаншылық ҳәм шарўашылық пенен шуғылланады. Бул болса қыйтақ жерлерден үнемли пайдаланыў, өз мийнети менен абадан турмыс қурыў имканиятын бермекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги