Көркем аўдарма жоқары шеберлик, талант, жүрек жыллылығы дегени

363

Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы тәрепинен «Паркент дөретиўшилик үйи»нде Республикалық аўдармашылар форумы өз жумысын баслады.

Форум Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 4-июньдеги «Көркем аўдарма тараўында Муҳаммад Ризо Агаҳий атындағы халықаралық сыйлықты шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўы шеңберинде шөлкемлестирилди.

Форумға көркем аўдарма тараўында мийнет етип атырған дөретиўшилер, устазлар, жаслар мирәт етилди.

– Көркем аўдарма тараўына Президентимиз тәрепинен үлкен итибар қаратылмақта, – деди Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы баслығының биринши орынбасары, белгили шайыр ҳәм журналист Минҳожиддин Мирзо. – Бул бағдарда қабыл етилген қарар тараўдың раўажланыўында жаңа перспективаларды ашып береди. Оған бола, елимизде аўдармашылар ушын Агаҳий атындағы халықаралық таңлаў жәрияланды. Таңлаўға өзбек әдебиятының прозалық шығармаларынан шет тиллерге исленген ең жақсы аўдарма, өзбек әдебиятының поэзиялық шығармаларынан шет тиллерге исленген ең жақсы аўдарма, өзбек балалар әдебияты үлгилеринен шет тиллерге аўдарылған ең жақсы аўдарма, шет тиллерде жаратылған прозалық шығармалардан өзбек тилине исленген ең жақсы аўдарма, шет тиллерде жаратылған поэзиялық шығармалардан өзбек тилине исленген ең жақсы аўдарма, шет тиллерде жаратылған балалар әдебияты үлгилеринен өзбек тилине исленген ең жақсы аўдарма үлгилери қабыл етиледи. Бул болса әдебиятымызды жәҳән көлемине алып шығыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Форумда өзбек әдебиятын дүнья жүзинде үгит-нәсиятлаў жумысына мүнәсип үлес қосып атырған бир қатар сырт ел дөретиўшилери Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының ҳүрметли ағзасы етип қабыл етилди. Өзиниң дөретиўшилик белсендилиги менен әдебий жәмийетшиликтиң итибарына түскен бир топар аўдармашыларға Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының ағзалық гүўалықлары тапсырылды.

Аўдармашылар әнжуманында Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы жанындағы Социаллық-руўхый изертлеўлер институтының директоры, наўайытаныўшы илимпаз Олимжон Давлатов, Өзбекстан халық жазыўшысы Муҳаммад Али, белгили әдебияттаныўшы илимпаз, аўдармашы Зуҳриддин Исомиддинов, аўғанстанлы тилтаныўшы илимпаз, публицист Азизулло Арал ҳәм басқалар аўдармашылық тараўының бүгинги әҳмийетли мәселелери ҳаққында ҳәр тәреплеме сөз етти.

Шеберлик сабақларын белгили аўдармашылар Тоҳир Қаҳҳор, Муҳиддин Омон, Шермурод Субҳон, Бегойим Холбекова алып бармақта.

Көркем аўдарманың ҳәр қыйлы бағдарлары бойынша Олимжан Салимов, Азизуллоҳ Орол, Лола Юнус қызы, Кавсар Турдиева, Иқбол Қўшшаева, Раҳмат Бобожон, Баҳодир Оташтың дөретиўшилик баянатлары тыңланды.

2025-жыл көркем аўдарма тараўында үлкен жаңалықлар менен басланғанын айтыў керек. Муҳаммад Ризо Агаҳий атындағы халықаралық сыйлық таңлаўы жәрияланды. Қырғызстанда Абдулла Қадирийдиң «Өткен күнлер» романы қырғыз тилинде басып шығарылды. Москвада ХХ-XXI әсир миллий поэзиямыздың 122 ўәкили шығармалары жәмленген «Өзбек поэзиясы антологиясы» («Антология узбекской поэзии») китабының 3-томы басып шығарылды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 7-февральдағы «Уллы шайыр ҳәм ойшыл Мир Әлийшер Наўайының дөретиўшилик мийрасын елимиз ҳәм дүнья көлеминде кеңнен үгит-нәсиятлаў және Наўайы ўәлаятында «Әлийшер Наўайы жылы»н жоқары дәрежеде өткериў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўы шеңберинде уллы ойшыл шайырдың шығармаларын шет тиллерине аўдарып басып шығарыў жумыслары баслап жиберилген. 2025-2027-жылларға мөлшерленген аўдарма реже-кестеси ислеп шығылды. Аўдармашылар топары аўдарылып атырған тиллер ҳәм жанрлар кесиминде қәлиплестирилмекте, аўдармашылар менен ислесетуғын мәсләҳәтши әдебияттаныўшы илимпазлар топары шөлкемлестирилмекте.

«Жәҳән балалар әдебияты дүрданалары» 100 томлық шығармалар топламын басып шығарыў жумысларына таярлық даўам етпекте. Бул топламға дүньяның бес континенти – Азия, Европа, Африка, Австралия ҳәм Америка континенти балалар жазыўшыларының шығармалары киргизиледи. Ҳәзирги ўақытқа шекем 5 континенттеги 65 мәмлекетте жасайтуғын 345 автордың шығармалары 100 томлық жойбарға киргизилди.

Ҳәзирги ўақытта Агаҳий атындағы сыйлық таңлаўына шығармалар қабыл етилмекте. Таңлаў сайты иске түсирилген. Сыйлыққа талабанлардың өмирбаяны, усыныс етилген шығармалар ҳаққындағы мағлыўматлар усы сайтқа жайластырып барылады.

«Паркент дөретиўшилик үйи»нде шөлкемлестирилген Республикалық аўдармашылар форумы әмелге асырылатуғын жумысларды режелестирип, алдағы ўазыйпаларды додалап, шешимлер табыўда әҳмийетли басқыш ўазыйпасын атқарады.

Назокат Усмонова,

ӨзА хабаршысы