БМШ Бас Ассамблеясы Газада оқ атыўды тоқтатыў бойынша резолюция қабыл етти

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясы Газа секторында сөзсиз ҳәм турақлы оқ атыўды тоқтатыўға шақырыўшы резолюцияны қабыл етти. Бул ҳаққында “РИА Новости” жазған.
149 мәмлекет мақуллаған ҳүжжетке 12 қарсы, 19 бийтәреп даўыс берилген. Мәселен, АҚШ тан тысқары Венгрия, Фуджи ҳәм Аргентина да жойбардан бас тартқан.
Барлық тәреплер ҳүрмет етиўи шәрт болған, тезлик пенен, сөзсиз ҳәм турақлы оқ атыўды тоқтатыў талап етилетуғын резолюцияда Израиль барлық шегара өтиў пунктлерин ашыў ҳәм жәрдемниң Газа секторы бойлап палестиналы тыныш халыққа иркинишсиз ҳәм зәрүр көлемде жетип барыўын тәмийинлеўге шақырылған.
ӨзА