Сырт ел баспасөзи Өзбекстан ҳаққында

180

Оманның “Atheer”, “NABD”  ҳәм басқа  басылымлар бетлеринде Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев Ташкент халықаралық инвестиция форумында қатнасыў ушын мәмлекетимизге  келген Оман Патшалығы саўда, санаат ҳәм инвестицияларға жәрдем бериў министри Қайс бин Муҳаммад Ал-Юсуфти қабыл еткенин сәўлелендирди.

– Ушырасыў  алдында жоқары мәртебели мийман Өзбекстан жетекшисине Оман Патшалығы Ҳайсам бин Ториқ Ол Саидтиң қызғын сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерип, еки дос мәмлекет арасындағы терең туўысқанлық қатнасықларын айрықша атап өтти, – делинеди мақалада. – Сондай-ақ, жоқары мәртебели Мырза футбол бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасының 2026-жылғы жәҳән чемпионатына биринши мәрте  жолламаны қолға киргизген тарийхый жеңиси менен қутлықлап, бул жеңис тек Өзбестан емес, ал пүткил Орайлық Азия регионы ушын мақтаныш, деп есаплады.

Автор өз мақаласында Өзбекстан ҳүкиметиниң Оман пуқараларына 30 күнлик визасыз режим ҳаққындағы қарары еки мәмлекет арасындағы туризм, мәдений ҳәм саўда қатнасықларын беккемлеўге хызмет ететуғын қәдем екенин атап өткен.

Сондай-ақ, мақалада әмелий бирге ислесиў, бәринен бурын, саўда-экономика ҳәм инвестиция тараўларында кеңейтиў мәселелери, түрли дәрежелердеги жедел сөйлесиўлер қанаатланыўшылық менен атап өтилген. Қалаберди, форум шеңберинде Ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилиси ҳәм исбилермен топарларының ушырасыўлары  болып өткенине айрықша әҳмийет қаратылған.

М.Пирматова, ӨзА