Қатар менен санлы ҳәм инвестициялық бирге ислесиў беккемленбекте

Санлы билимлендириў – билимлендириў процесин санлы технологиялар арқалы нәтийжели етиўди гөзлеген система. Оған онлайн курслар, мобиль қосымшалар, виртуал класслар киреди.
Бул тараўды раўажландырыў болса бүгинги күнниң талабы. Себеби бүгинги мийнет базарына дизайн, бухгалтерия, SMM, программаластырыўды билетуғын кадрлар керек.

Санлы технологиялар министрлигинде Қатардың “MBK Holding” компаниясының ўәкиллери менен шөлкемлестирилген ушырасыўда да санлы билимлендириў, стартап, жасалма интеллект, санлы технологиялар тараўында қәнигелерди таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў сыяқлы тараўға тийисли бир қатар бағдарларда бирге ислесиўди жолға қойыў додаланды.

Сапар даўамында мийманлар Санлы технологиялар министрлиги, IT Park ҳәм UZINFOCOM – бирден-бир санлы интегратор жумысы менен жақыннан танысты.
“MBK Holding” – 1969-жылы Дохада шөлкемлестирилген шаңарақлық шөлкем болып, санлы технологиялар, жоқары технологиялар ҳәм стартапларды қоллап-қуўатлаўға қәнигелескен. Компания жас исбилерменлер ҳәм инновациялық жойбарларды раўажландырыўға үлкен итибар қаратады.

“MBK Holding” тәрепинен Өзбекстанның санлы экосистемасына ҳәм стартапларына инвестиция киргизиў, Қатар санлы шешимлерин интеграциялаў, Қатардағы компаниялар ушын Өзбекстаннан IT қәнигелерин жаллаў сыяқлы бағдарларға үлкен қызығыўшылық билдирилди.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер өз-ара бирге ислесиў жол картасын ислеп шығыўға келисип алды.
Нигора РАҲМОНОВА,
ӨзАның хабаршысы