Ташкент қаласында жөнелиссиз такси жумысы менен шуғылланыўға байланыслы енгизилген шеклеў кең жәмийетшилик тәрепинен түрли пикир ҳәм наразылықларға себеп болмақта. Оған бола, енди ҳәр бир айдаўшы өз аймағында ҳәм оған тутас аймақта такси жумысын әмелге асырыўы белгиленген. «Бул тәртип Өзбекстан Республикасының жаңадан қабыл етилген Конституциясының 67-статьясында белгиленген талапқа қайшы келеди», деп мүнәсибет билдирди Халық демократиялық партиясы.

Партияның атап өтиўинше, Конституциямызға муўапық, мәмлекет қолайлы инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталығын тәмийинлейди. Өзбекстан Республикасы аймағында экономикалық мәкан бирлиги, товарлар, хызметлер, мийнет ресурслары ҳәм финанслық қаржылардың еркин ҳәрекетлениўи кепилленеди.

Жөнелиссиз такси жумысы менен байланыслы енгизилген шеклеў ҳәр қыйлы нызамсыз жумыслардың басланыўына, олардың еркин жумыс ислеўине тосқынлық етиўге, сондай-ақ, ең тийкарғысы пуқараларымыздың конституциялық ҳуқықларының шеклениўине алып келеди.

Сондай-ақ, Бас нызамымыздың 42-статьясына бола, ҳәр ким мүнәсип мийнет етиў, кәсип ҳәм жумыс түрин еркин таңлаў, жумыссызлықтан нызамда белгиленген тәртипте қорғалыў ҳуқықына ийе екенлиги нәзерде тутылған.

Жөнелиссиз такси жумысы менен шуғылланып атырған пуқараларымыз өзин-өзи бәнт еткен адам сыпатында жумыссызлықтан қорғалыў ҳуқықынан пайдаланған есапланады. Бундай адамлар нызамларда белгиленген тәртипте тийисли лицензия алып, тийисли салықларды төлеген ҳалда толық нызамлы жумыс алып бармақта.

«Жоқарыдағылардан көринип турғанындай, жөнелиссиз таксилерге шеклеў енгизиўге ҳеш қандай ҳуқықый тийкарлар жоқ. Керисинше, конституциялық нормаларға қайшы келетуғын тәреплери анық көринип тур», делинеди ХДП мүнәсибетинде.

Мәлим етилиўинше, Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы Өзбекстан ХДП фракциясы Транспорт министринен бул мәселеде анық түсиник бериў бойынша сораў жиберген ҳәм транспорт тараўындағы машқалаларды сапластырыў бойынша ҳүкимет саатында депутатлардың сораўларына жуўапларды тыңлаў ушын Транспорт министри мирәт етилген.

Умиджон Қурбонов таярлады, ӨзА