Волонтёрлар жақсылық елшилери

343

Бүгинги күнде волонтёр атамасын жүда көп еситемиз бирақ, бул сөздиң  мәнисин билемиз бе? Волонтёр сөзиниң мәниси кеўилли жас деген мәнини билдиреди. Волонтёрлар тийкарынан адамларға бийминнет, бийғәрез жақсылық ислеўши жаслар тәрепинен дүзиледи. Жәмийеттиң раўажланыўы тек ғана экономикалық өсиў ҳәм технологиялық раўажланыў менен емес, ал адамлардың бир-бирине болған меҳир-муҳаббаты ҳәм бийғәрез жәрдем көрсетиўи менен де белгиленеди. Мине, усындай ийгиликли мақсетлер жолында пидайы жаслар тәрепинен түрли волонтёрлық ҳәрекетлери шөлкемлестирилип, жумыс алып барылмақта. Олардың арасында Қарақалпақстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги жанында дүзилген “Универсал” волонтёрлық ҳәрекети айрықша итибарға ылайық.

“Универсал” волонтёрлық ҳәрекети 2024-жыл март айында бир топар пидайы жаслар тәрепинен шөлкемлестирилген болып, ҳәрекеттиң басшысы Юсуп Курбаниязов. Юсуп өзи жас болыўына қарамастан жасларды бир мақсетке бағдарлай алды, “биз волонтёрлар жақсылық елшилеримиз,” дейди Юсуп Курбаниязов. Ҳәрекеттиң тийкарғы мақсети – жәмийетке жақсылық ислеў, жәрдемге мүтәж инсанларға, ҳайўанларға ҳәм қоршаған орталыққа меҳир көрсетиўден ибарат. Дәслеп 15 жас пенен жолға қойылған бул ҳәрекет бүгинги күнде 200 ден аслам волонтёрларды өз қатарына тартқан. Бул ҳәрекет тек ғана Нөкис қаласында емес, Хожели, Шымбай  ҳәм Тақыятас районларында өз бөлимлерине ийе. Ҳәрекет булар менен тоқтап қалмай, басқа районларда да өз жумысын  баслаў нийетинде.

Шөлкем қысқа ўақыт ишинде нәтийжели жойбарларды әмелге асырыў арқалы көплеген инсанлардың жүрегинен орын ийеледи. Төменде усы ҳәрекет шеңберинде орынланған тийкарғы жойбарлар менен танысамыз.

«Меҳир беремиз” жойбары. Бул жойбар ҳайўанларға жәрдем бериў, олардың өмирин сақлап қалыў ҳәм жәмийетте оларға унамлы мүнәсибет қәлиплестириўге қаратылған. Волонтёрлар тәрепинен пышық ҳәм ийтлер ушын арнаўлы азық-аўқатлар тарқатылып, оларға ғамхорлық көрсетилди. Жойбар арқалы жәмийетте ҳайўанларға мийрим-шәпәәт сезимлерин қәлиплестириў мақсет етилген.

“Балаларға бериң дүняны” жойбары. Наўқас балалар өмирге және де үмит пенен қараўы, олардың кейпиятын көтериў ушын шөлкемлестирилген жойбар. Волонтёрлар балаларға саўғалар тарқатып, түрли ойынлар шөлкемлестириў арқалы олардың жүзине күлки ҳәм қуўаныш бағышлады.

“Зиялымыз” жойбары. Илим-ағартыўшылықты кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде алыс аймақлардағы мәҳәллелерде китапханалар шөлкемлестирилип, жасларға китаплар жеткерип берилди. Бул баслама арқалы жаслардың билим алыў имканиятлары кеңейтилип, китап оқыў мәдениятын қәлиплестириўге үлес қосылды.

Жақсылық акциялары. “Универсал” волонтёрлық ҳәрекети тәрепинен ҳәр қыйлы мәўсимлик акциялар да өткерилип келинбекте. Соннан, абаданластырыў хызметкерлери ҳәм үйсиз адамларға қыс күнлеринде ыссы аўқат ҳәм нан өнимлери тарқатылып, аймақларды тазалаў ҳәм абаданластырыў жумыслары шөлкемлестирилди.

Бундай илажлар арқалы волонтёрлар тек ғана жәрдемге мүтәж инсанларға жәрдем берип қоймастан, ал жәмийетте жақсылық ҳәм сақаўат орталығын беккемлеўге хызмет етпекте.

Волонтёрлық ҳәрекети жаслардың турмысына унамлы тәсир көрсетип, оларда социаллық белсендилик, мийрим-шәпәәт, жәмәәтте ислесиў көнликпелерин қәлиплестиреди. Волонтёр сыпатында жумыс алып барған жаслар:

✔ Жаңа дослар арттырады, жәмәәтте  ислеў тәжирийбесине ийе болады.

✔ Пидайылық ҳәм сақаўатлылықты үйренеди, жәмийетке пайдалы болыў сезимин сезеди.

✔ Басшылық ҳәм шөлкемлестириўшилик көнликпелерине ийе болады.

✔ Өзиниң ықтыярлы мийнети арқалы тәжирийбе арттырады, бул болса келешектеги кәсиби ушын үлкен әҳмийетке ийе болады.

Жуўмақлап айтқанда, қысқа ўақыт ишинде “Универсал” волонтёрлық ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасындағы ең белсенди жәмәәтлерден бирине айланды. Олар өз қатарларына ийгиликли ислерге бийпәрўа болмаған жасларды тартып, жәмийетимиздиң раўажланыўына өз үлесин қоспақта.

Жақсылық ислеўден ҳеш қашан тоқтамаң!

Гулшада Қайратбаева,  ҚМУ, қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика қәнигелигиниң 1-курс студенти

Қарақалпақстан хабар агентлиги