Кеше Ташкент қаласында футбол бойынша Өзбекстан Про-лигасында 9-тур шеңберинде бир ойын болып өтти.
Атап айтатуғын болсақ, усы тур шеңберинде Нөкистиң «Арал» командасы Ташкенттиң «Олимпик» командасы менен өз-ара ушырасты.
Ойын футбол жанкүйерлери күткениндей оғада кескин ҳәм қызықлы ўақыяларға бай болып, ушырасыўдың 6-минутында «Арал» командасы ойыншысы Иззатулла Абдулаҳақов «Олимпик» дәрўазасын анық нышанға алды ҳәм ойындағы есапты ашыўға миясар болды.
Буннан соң еки команда ағзалары да есапты өзгертиў ушын бир қатар ҳүжимлер шөлкемлестирди. Бирақ, бул ҳүжимлердиң барлығы да нәтийжесиз жуўмақланды ҳәм ойын «Арал» командасының жеңиси менен тамамланды.
Өткерилген кешеги ойыннан соң Нөкистиң «Арал» клубы 16 упай топлап, онлайн турнир кестесинде 2-орынға шығып алды.
Ал, республикамыз абырайын қорғап киятырған «Жайҳун» командасы болса, 8-турдан соң 8 упай менен 4-орынды ийелеп тур.
16-июнь күни «Жайҳун» клубы 9-турда чемпионат аутсайдери «ФАРДУ» ға қарсы ойын өткереди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы