Женева қаласында болып өтип атырған Халықаралық мийнет конференциясының 113-сессиясы шеңберинде 12-июнь – Пүткил жер жүзилик балалар мийнетине қарсы гүресиў күни мүнәсибети менен арнаўлы конференция өткерилди.

Илажда Халықаралық мийнет конференциясына қатнасып атырған 187 мәмлекет арасында қысқа ўақыт ишинде балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнетти пүткиллей сапластырған мәмлекет сыпатында Өзбекстан тәжирийбеси көрсетилди.

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң күшли сиясий ерк-ықрары ҳәм жеке басламасы менен бул иллетке қарсы көрилип атырған қатаң әмелий илажлар өзиниң унамлы нәтийжесин берип атырғаны атап өтилди.

Конференцияда Олий Мажлис Сенатының Баслығы, Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳәм мүнәсип мийнет мәселелери бойынша миллий комиссияның баслығы Танзила Норбоева “Балалар мийнетин сапластырыўда Өзбекстан тәжирийбеси” атамасында баянат жасады.

Мәмлекетимиздиң балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы қатаң позициясы және халықаралық ҳүжжетлер, соның ишинде, Халықаралық мийнет шөлкеминиң тийкарғы конвенциялары ҳәм 29-санлы Конвенцияға Протокол ратификацияланғаны тараўға байланыслы реформалардың беккем ҳуқықый тийкары болғанын атап өтти.

Жаңа редакциядағы Конституция ҳәм Мийнет кодекси болса балалар мийнетине пүткиллей шек қойыўға қаратылғаны, ҳәр бир пуқараның социаллық қорғалыўын кепиллеў болса инсан қәдирин жоқарылатыўға қаратылған мәмлекетлик сиясаттың орайынан орын алғаны атап өтилди.

Конференция жумысында елимизде Халықаралық мийнет шөлкеминиң тийисли конвенцияларын ратификациялаў, миллий нызамшылықты халықаралық стандартлар тийкарында жетилистириў, балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнет ушын жуўапкершилик илажларын күшейтиў, институционаллық тийкарларды беккемлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар жоқары баҳаланды.

Илажда Халықаралық мийнет шөлкеми, Халықаралық кәсиплик аўқамлары конференциясы, Халықаралық жумыс бериўшилер конференциясы, ЮНИСЕФ ҳәм Филиппин, Марокко, Чили, Германия, Бразилия ҳүкиметиниң ўәкиллери баянат пенен қатнасты.

Экспертлер бүгинги күнде Өзбекстан тәжирийбеси балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүрес алып барып атырған мәмлекетлер ушын модель болып хызмет етип атырғанын айрықша атап өтти.

Н.Абдураимова, ӨзА