Парламентлераралық қатнасықлар кеңеймекте

200

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Спикери Нуриддин Исмоилов басшылығындағы делегация Қазақстан Республикасының Астана қаласында болып тур. Сапар етиў даўамында Түркий тиллес мәмлекетлер парламент ассамблеясының (ТуркПА) “TURKTIME: парламент дипломатиясының роли” темасында болып өтетуғын 14-жалпы мәжилисине қатнасыў ҳәм бир қатар еки тәреплеме ушырасыўлар өткериў нәзерде тутылған.

Бул ҳаққында төменги палатаның баспасөз хызмети мәлим етти.

Соның ишинде, сапар шеңберинде Әзербайжан Республикасы Миллий Межлиси Баслығы Соҳиба Гафарова менен ушырасыў өткерилди. Онда еки мәмлекет басшыларының сиясий ерк-ықрары себепли Өзбекстан ҳәм Әзербайжан арасындағы қатнасықлар раўажланып атырғаны, бирге ислесиўдиң барлық бағдарларында унамлы өсиў бақланып атырғаны айрықша атап өтилди.

С.Гафарова Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Өзбекстанда әмелге асырылып атырған тарийхый реформаларды жоқары баҳалады. Еки мәмлекет арасындағы парламентлераралық сөйлесиў әдеўир жеделлескенин атап өтти. Өз-ара байланыслар халықаралық парламентлераралық шөлкемлер шеңберинде беккемленип атырғаны ҳәм парламентлераралық бирге ислесиў топарларының дүзилгени әҳмийетли фактор болып атырғанын атап өтти.

Нуриддин Исмоилов сондай-ақ, Қырғыз Республикасы Жогорку Кенеши торағасы Нурланбек Турғунбек улы менен ушырасыў өткерди.

Сөйлесиў ўақтында өзбек-қырғыз қатнасықлары стратегиялық шериклик дәрежесинде жедел раўажланып атырғаны, мәмлекет басшыларының турақлы ушырасыўлары ҳәм жоқары дәрежедеги сөйлесиўлери еки тәреплеме парламентлераралық қатнасықларды кеңейтиў ушын беккем тийкар жаратқаны атап өтилди.

Н.Турғунбек улы быйыл апрель айында Ташкент қаласында болып өткен Парламентлераралық Аўқамның 150-юбилей ассамблеясы жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгенин атап өтип, ол парламент дипломатиясының өзине тән үлгиси сыпатында көрингенин атап өтти. Сөйлесиў ўақтында еки тәреплеме парламентлераралық байланысларды буннан былай да беккемлеў ҳаққында сөз болды.

М.Комилова, ӨзА