Электр-самолёт биринши мәрте табыслы пәрўаз етти

265

Ҳаўа транспорты тараўында экологиялық таза технологиялар барған сайын кеңнен қолланылмақта. 2025-жылдың июнь айында АҚШтың Нью-Йорк қаласында және бир әҳмийетли тарийхый ўақыя жүз берди – электр энергиясында ислейтуғын самолёт биринши мәрте табыслы пәрўаз етти. Бул жойбар Beta Technologies компаниясына тийисли болып, ол ҳаўа транспортының келешегин экологиялық ҳәм экономикалық жақтан нәтийжели бағдарға бурыўды мақсет еткен.

Электр-самолёт биринши мәрте Джон Кеннеди атындағы халықаралық аэропортынан аспанға көтерилди. Сынақ ушыўы даўамында самолётта бир пилот ҳәм төрт жолаўшы болған. Пәрўаз 45 минут даўам етти ҳәм табыслы қоныў менен жуўмақланды.

Пәрўаздың ең дыққатқа ылайық тәреплеринен бири – оның оғада аз қәрежет пенен әмелге асырылғаны. Beta Technologies мағлыўматларына бола, 45 минутлық ушыў ушын сарыпланған электр энергиясының баҳасы тек ғана 7 долларды қураған. Бул дәстүрий жанылғы менен салыстырғанда жүдә үлкен үнемлеў болып табылады.

Бул табыслы сынақ ушыўы электр ҳаўа транспорты санааты ушын әҳмийетли қәдем болып, келешекте қысқа аралықлы ишки пәрўазлар, ҳаўа таксилери ҳәм жүк тасыў тараўларында кеңнен қолланылыўы күтилмекте. Beta Technologies ўәкиллериниң айтыўынша, олар жақын жылларда усы түрдеги самолётларды коммерциялық пайдаланыўға шығарыўды режелестирмекте.

Мадинабону НАСРИЕВА,

 Анвархўжа АҲМЕДОВ, ӨзАның хабаршылары