Францияда 15 жасқа шекемги балаларға социаллық тармақлардан пайдаланыў қадаған етилиўи мүмкин

262

Бул ҳаққында мәмлекет президенти Эммануэль Макрон “France 2” телеканалының жанлы эфиринде айтып өтти.

Оның атап өтиўинше, егер Европа Аўқамы бул бойынша улыўма қарар қабыл етпесе, жақын айларда Францияда бул қадаған етиў енгизиледи.

Буннан тысқары, Макрон интернет-дүканлар арқалы пышақ сатып алыўда тутыныўшылардың жасын тексериў системасы енгизилетуғынын мәлим етти. Атап өтилиўинше, бул процесс порнографиялық сайтлар ушын әмелдеги тексериў системасына уқсас болады.

Сондай-ақ, мәмлекет басшысы социаллық тармақлар жаслардың руўхый саламатлығы ҳәм қәўипсизлигине, әсиресе, олар басым ҳәм зорлық мазмунына көбирек бейим болған жаслар ушын қәўип туўдыратуғынын атап өтти.

– Биз 15 жасқа шекемги балалар ушын социаллық тармақларды қадаған етиўимиз керек, – деди Франция жетекшиси. – Жас өспиримлер енди интернет арқалы пышақ сатып ала алмайды. Биз буған әмел етпегенлерге қатаң жаза қолланамыз.

Хабарда жазылыўынша, Франция президенти Ножан-сюр-Мар қаласында бир оқыўшының мектеп хызметкерине пышақ пенен ҳүжим қылғаны себепли усындай билдириў берген. Сонда оқыўшы мектеп хызметкерине пышақ пенен ҳүжим еткен ҳәм оны жарақатлаған. Соң ҳаял алған жарақатлары себепли қайтыс болған еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги