Ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыўда Германия менен бирге ислесиледи

Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Зулайҳо Маҳкамова басшылығындағы “Микрокредитбанк” АКБ ўәкиллери ҳәм исбилермен ҳаял-қызлардан ибарат Өзбекстан делегациясы Германия Федеративлик Республикасына рәсмий сапары шеңберинде бир қатар әҳмийетли ушырасыўлар өткерди. Ҳаял-қызлар исбилерменлиги тараўында еки тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша ҳүжжетлерге қол қойылды.
Сапар Германияның “Sparkassenstiftung for International Development e.V.” ҳәм мәмлекетимиздиң Германиядағы елшиханасы жәрдеминде шөлкемлестирилди. Оннан гөзленген тийкарғы мақсет исбилермен ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бағдарында бирге ислесиўди раўажландырыў, Германия институтлары ҳәм қорлары менен тиккелей байланысларды орнатыў және финанслық саўатлылық ҳәм бизнести басқарыў тараўында тәжирийбе алмасыў болып есапланады.
Өзбекстан делегациясы Германия Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў федерал министрлиги, Экономика ҳәм энергетика министрлиги, Аўыл ҳаял-қызлары ассоциациясы, Қор кассаларының финанслық топары (Sparkassen-Finanzgruppe) ҳәм басқа да тийисли шөлкемлердиң ўәкиллери менен сөйлесиўлер өткерип, бир қатар банк структураларының жумысы менен танысты.
Сапар етиў жуўмағында әҳмийетли келисимлерге қол қойылды. Атап айтқанда, “Микрокредитбанк” АКБ, “Hamroh” компаниясы ҳәм “Sparkassenstiftung” қоры ҳаял-қызлардың финанслық саўатлылығын арттырыў, бизнести режелестириў көнликпелерин раўажландырыў ҳәм мақсетли кредитлерди алыўда жәрдем көрсетиўге қаратылған биргеликтеги бағдарламаларды жолға қойыўға келисип алды. Буннан тысқары, ҳүжжетлер билимлендириў бағдарламалары ҳәм қаржыландырыў механизмлерин, соның ишинде, грант ҳәм субсидиялы кредит линияларын әмелге асырыўды нәзерде тутады.
Сондай-ақ, “Hamroh” компаниясы ҳәм Германияның “West-Östliche Begegnungen” қоры арасында мәдениятлараралық қарым-қатнасты раўажландырыў, ҳаял-қызлардың жетекшилигин алға қойыў ҳәм ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий процесслердеги қатнасын кеңейтиўге қаратылған келисимге қол қойылды.
Өзбекстан делегациясы ўәкиллериниң атап өтиўинше, ерисилген келисимлер мәмлекетимизде ҳаял-қызлар исбилерменлигин турақлы раўажландырыў ушын беккем тийкар жаратып, социаллық-экономикалық тараўда халықаралық бирге ислесиўди беккемлеўге хызмет етеди.
Азиза Алимова, ӨзА